Өзбек тилиндеги жергиликли 18 каналды көрсетип турған DVBT2 форматтағы тюнериңиз басқа тиллердеги қосымша каналларды да көрсетип баслады ма?

Мәлимлеме ҳәм коммуникация технологияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Бердақ Минажовтың берген мағлыўматларына қарағанда, жәми 62 теле ҳәм радиоканаллар Жаңа жыл байрамына байланыслы ўақтынша узатылмақта. Келеси жылы UzDigital  компаниясының республикамызда филиалы ашылғаннан соң каналлар төлемли болады. Яғный рус, қазақ тиллериндеги қосымша каналларды көриў ушын усы компанияның арнаўлы тюнерин ҳәм tele-card қурылмасын сатып алыў керек.

Бүгинги күнде Нөкис қаласында кем қуўатлылықтағы 3 телеузатқыш бар болып, олардың ҳәр бири 70 километрге шекемги узақлыққа сигналларды жеткерип бермекте.  Соның нәтийжесинде жақын аймақлардағы районларда да бул каналлар көрсетип турыпты. Ал, Қоңырат, Әмиўдәрья, Мойнақ, Төрткүл районларында, Қубла Үстиртте, Қарақалпақстан, Қазақдәрья, Шахаман, Қаратаў, Жаслық посёлкаларында 1-2 телеузатқыш ғана орнатылғаны себепли оларды көриўдиң имканы жоқ.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги