Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың усы жылдың 1516-декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында Нөкисте жаңадан қурылған Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген жоқары спорт шебери мектебиниң жумысы менен танысқан еди.

Президентимиз жас спортшылар менен пикирлесип, мектепте жаратылған шәраятларды көзден кеширди. Президентимиздиң тапсырмасы менен аўыр атлетика бойынша абыройлы турнирлер жеңимпазы Рустам Жаңабаевқа жай, дзюдошы Элёр Машариповқа «Malibu» автомобили, қылышласыў бойынша халықаралық турнирлердиң жеңимпазы Зайнаб Дайыбековаға «Nexia» машинасы берилди.

Спорттың қылышпазлық түриниң республикамызға кирип келгенине онша көп ўақыт болмаса да бул спорт түри менен шуғылланыўшы жасларымыз арасынан қәбилетли спортшылардың жетилисип шығып атырғанлығы қуўанарлы жағдай.  Мине усындай спортшы жасларымыздың бири, бир неше мәрте Өзбекистан чемпионы ҳәм Азия чемпионаты қатнасыўшысы Зайнаб Дайыбекова.

Ол 2002-жылы Нөкис қаласында туўылған. Балалығынан спортқа ықлас қойған. Ҳәзирги күнде Нөкис Олимпия резервлери колледжиниң 9-класс оқыўшысы.

Еки ярым жылдан берли спорттың қылышпазлық түри менен турақлы шуғылланып келмекте. Усы жыллар даўамында бир неше мәрте Өзбекистан чемпионы болған болса, өткен жылы Азия чемпионатына нәтийжели қатнасып қайтты. Усы жылдың 9-10-сентябрь күнлери Тайланд мәмлекетиниң пайтахты Бангкок қаласында спорттың қылышпазлық түри бойынша жас өспиримлер арасында өткерилген халықаралық турнирде Өзбекистан сайланды командасы қурамында қатнасып, қола медаль жеңип алыўға миясар болған болса, ноябрь айында Россия Федерацияның  Сочи қаласында өткерилген  Жәҳән кубогине мүнәсип қатнасып қайтты.

Усы жылдың 12-17-сентябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген 23 жасқа шекемги жаслар арасында Өзбекистан чемпионатында 1-орын, 21-23-ноябрь күнлери өткерилген Өзбекистан ашық турниринде биринши, 19-20- декабрь күнлери болып өткен Өзбекистан кубогинде сыйлы 1-орын жеңимпазы болып келмекте.

Қылышпаз қызымыздың  ерискен бул нәтийжелеринде оған бул спорт түринен сабақ берип атырған тренер-устазы Дәўирбек Жийемуратовтың мийнетлерин айрықша атап өтсек болады.

  *  *  *

Элъёр Машарипов – Дзюдо бойынша бир неше мәрте Қарақалпақстан ҳәм Өзбекистан чемпионы, 2013-жылы Чехия мәмлекетиниң Прага қаласында өткерилген Европа ашық чемпионатының алтын медаль ийеси, 2014-жылы Қытайда өткерилген Азия чемпионатында ҳәм Ташкент қаласында өткерилген Гран-при турниринде қола медалы менен сыйлықланған.

 

*  *  *

Бурын мәлим етилгениндей, аўыр атлетика бойынша Өзбекистан сайланды командасы ағзасы, Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы Рустам Жаңабаевқа Өзбекистан Республикасы Президентиниң арнаўлы саўғасы «Nexia» автомашинасы салтанатлы түрде тапсырылған еди. Жақында ол Президентимиз тәрепинен турақ жай менен тәмийинленди.

Р.Жаңабаев 1993-жылы 25-августта Тақыятас қаласында туўылған.  2014-жылдан берли аўыр атлетика бойынша Өзбекистан сайланды командасы ағзасы, халықаралық дәрежедеги спорт шебери. Бир неше мәрте Өзбекистан чемпионы, кубок беллесиўлери жеңимпазы ҳәм сыйлы орын ийеси. 2016-жылы декабрь айында қатар мәмлекетиниң Доха қаласында өткерилген Азия кубогының алтын медаль ийеси, өткен жылы Рио-де-Жанейро қаласында (Бразилия) өткерилген жазғы Олимпиада ойынларында күшли алтылыққа кирген Рустам усы жылдың апрель айында Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында өткерилген Азия чемпионатында, май айында Баку қаласында өткерилген «Ислам тилеклеслик ойынлары» ҳәм сентябрь айында Ашхабат қаласында өткерилген V Азия ойынларында алтын медал жеңип алды. Талантлы спортшымыз усы жылдың 28-ноябринен 5-декабрь аралығында АҚШ спорт ареналарында жәҳәнниң ең күшли атлетлери арасында өткерилген нәўбеттеги жәҳән чемпионатында елимиз сайланды командасы қурамында өз имканиятын сыннан өткерип, дәс көтериўде 200 кг, силтеп көтериўде 247кг, жәми 447кг аўырлықтағы тасларды өзине бойсындырып, күшли төртликтен орын алды. Буның менен ол өзиниң жеке рекордын 5 кг.ға жаңалады.

АҚШта өткерилген усы чемпионатқа дүньяның  72 мәмлекетинен  400 ге жақын спортшылар қатнасқан.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги