Пайтахтымызда И.Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университетиниң Ташкент қаласындағы филиалы шөлкемлестирилгенине он жыл толыўы мүнәсибети менен илаж болып өтти.

И.Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университетиниң Ташкент қаласындағы филиалы директоры А.Максименко ҳәм басқалар Өзбекистанда улыўма тән алынған жәҳән стандартлары ҳәм оқыў бағдарламалары тийкарында ҳәр қыйлы салаларда, атап айтқанда, елимиздиң нефть-газ ҳәм нефть-химия тармағы ушын жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

2007-жылы елимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримовтың басламасы менен шөлкемлестирилген бул билимлендириў орнында он жыл даўамында көплеген жетик қәнигелер таярланды. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 730 дан аслам студент билим алмақта.

Усы жоқары оқыў орны жаңаша пикирлейтуғын, халықаралық талапларға сәйкес жоқары мағлыўматлы маман кадрларды жеткерип бермекте. Питкериўшилер салаға қәнигелескен ири компанияларда мийнет етпекте.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың пәрманы менен елимиздиң нефть-газ тармағы ушын жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаўға қосқан үлкен үлеси ушын И.Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефт-газ университети «Дослық» ордени менен сыйлықланды.

Илажда жоқары сыйлық Россияның жетекши жоқары биилмлендириў мәкемесиниң байрағына илдирилип қойылды.

– Өзбекистанның жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған жаңаланыўларды қоллап-қуўатлаймыз, – дейди И.Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университетиниң проректоры Владимир Кошелев. – Ташкенттеги филиалымыз ҳәр тәреплеме жетик болып, бул жерде билим атырған студент-жаслар да үлкен потенциалға ийе. Сонлықтан келешекте филиалдың жумысын буннан былай да кеңейтиў, жаңа бағдарлар ашыў нәзерде тутылмақта.

Күни кеше университеттиң Қашқадәрья регионаллық бөлиминиң ашылғанын атап өтиў орынлы. Ол Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 12-апрельдеги Өзбекистан Республикасы менен Россия Федерациясы арасындағы еки тәреплеме стратегиляық шерикликти буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққындағы қарары және «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети ҳәм И.Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университети арасындағы өз-ара келисим ҳаққындағы меморандумға муўапық шөлкемлестирилди.

– Бөлим ең заманагөй техника ҳәм оқыў-методикалық материаллары менен тәмийинленген, – дейди «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң бөлим баслығы Зуҳриддин Аброров. – Усы заманагөй оқыў орны ушын бул аймақтың таңлап алынғаны тегиннен емес. Қашқадәрья ўәлаятында нефть ҳәм газ кәнлери көп ҳәм бәрқулла жоқары маманлықтағы қәнигелерге үлкен талап сезиледи.

Илаж шеңберинде «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамы арасында өз-ара келисим меморандумына қол қойылды.

Мәресимде Өзбекистан Бас министриниң орынбасары, «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң басқарма баслығы А.Султонов шығып сөйледи.

Сайёра ШОЕВА,

ӨзА ның хабаршысы