Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжатында педагогика бойынша жоқары оқыў орынларында 6 билимлендириў бағдары бойынша оқыў мүддети 3 жыл етип белгиленетуғынлығы атап өтилди.
2020-2021-оқыў жылынан баслап кадрлар таярлаў бойынша оқыў мүддети 3 жыллық болатуғын бакалавриат билимлендириў бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғын педагогикалық билимлендириў тараўының бағдарлары төмендегилер:
– Музыкалық билимлендириў;
– Дене мәденияты;
– Технологиялық билимлендириў;
– Шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў;
– Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы;
– Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириўде дене тәрбиясы ҳәм спорт.
Қарақалпақстан хабар агентлиги