Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 3-декабрьде «Жоқары билимлендириў мәкемелерин басқышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериў ҳаққында»ғы 967-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-январьдан баслап төмендеги 10 жоқары оқыў орны тәжирийбе-сынақ тәризинде өзин-өзи қаржыландырыў системасына өтеди:

1) Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институты;

2) Самарқанд экономика ҳәм сервис институты;

3) Ташкент мәмлекетлик юридика университети;

4) Ташкент мәмлекетлик экономика университети;

5) Ташкент қаржы институты;

6) Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институты;

7) Ташкент фармацевтика институты;

8) Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети;

9) Үргениш мәмлекетлик университети;

10) Ташкент темир жол инженерлери институты.

 

Бул жоқары оқыў орынларының илимий-педагогикалық потенциалының жоқарылығы, финанслық жумысларының турақлылығы, материаллық-техникалық базасының жетерли дәрежеделиги, билимлендириў хызметлери базарында усы қәнигеликлерге талап жоқарылығы есапқа алынған.

Қарарға муўапық, өзин-өзи қаржыландырыў системасына өтип атырған жоқары оқыў орнында төлемли контракт тийкарында билим алып атырған студентлердиң контракт төлеў мүддетлери тәреплердиң келисимине муўапық шәртнама тийкарында белгиленеди.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-июльда қабыл етилген ПҚ-4391-санлы қарары тийкарында 2020-жылдан баслап билимлендириў хызметлери базарында жоқары оқыў орынларының айырым бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерине талап жоқарылығы ҳәм финанслық турақлылығын есапқа алып, оларды басқышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыў системасына өтиў белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.