8-декабрь – Өзбекстан Республикасы  Конституциясы күни

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен барлық орынларда арнаўлы илажлар өткерилмекте.

Нөкис социал-экономикалық коледжинде Конституция қабыл етилген сәнеге бағышланған ушырасыў өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жазаны орынлаў бөлимшесиниң қәнигелери шығып сөйлеп, Конституцияның әҳмийети, оның халықтың, әсиресе, оқыўшы жаслардың  турмысында тутқан ролин атап өтти.

Атап өтилгениндей, усы жыллар даўамында елимизди раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылған реформалар, қабыл етилген нызамлар усы Конституцияға тийкарланып әмелге асырылды. Конституциямыз халықаралық дәрежеде тән алынған ҳуқықый нормаларға толық сәйкес келеди ҳәм елимиздиң раўажланыўы, халқымыз турмысының абаданласыўы ушын хызмет етпекте.

– Бүгинги ушырасыўда колледжимизге келген юрист-қәнигелер Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм оған тийкарланып шығарылған нызамлар туўралы бизлерге көплеген мағлыўматлар берди,-дейди колледж оқыўшысы Динара Мақсетова. – Соның ишинде, жасларға байланыслы бийпул билим алыў, жумыс ислеў, исбилерменлик пенен шуғылланыў сыяқлы бир қатар ҳуқықларымыз түсиндирилди.

Сондай-ақ, усы ушырасыўда жақында болып өтетуғын сайлаў бойынша да бир қатар мағлыўматлар алдық.

Илаж сораў-жуўап тәризинде өткерилип, қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.