Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен, орынларда сайлаўға байланыслы қабыл етилген қарарлар, жаңа Сайлаў кодекси, нызамшылықтағы басқа да жаңалықлар туўралы мағлыўматлар бериў мақсетинде өткерилип атырған ушырасыў ҳәм семинарлар даўам етпекте.

Гезектеги семинар Арқа-Батыс әскерий округиниң әскерий бөлиминде өткерилди.

Онда шығып сөйлеген қәнигелер, быйылғы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўлардың әҳмийети, халықтың сайлаўға қатнасыў ҳуқықлары менен миннетлери, сондай-ақ, гарнизонда жайласқан сайлаў участкасы, оның сайлаў күни алып баратуғын жумыслары, әскерий хызметкерлердиң сайлаўға қатнасыўы туўралы түсиниклер берди.

Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.