Нөкис қаласы «Берекет» МПЖдағы 34-санлы улыўма билим бериў мектебинде улыўма билим бериў мектеплериниң 9-11-класс оқыўшыларының қатнасыўында өткерилип атырған усы атамадағы таңлаўдың қалалық басқышы болып өтти.

Таңлаў шәртлери бойынша қатнасыўшылар дәслеп өзин таныстырып, соң өз мәҳәллеси туўралы мағлыўматлар берди. Берилген сораўларға жуўаплар берилип, темаға байланыслы шығарма жазылды.

Жеңимпазлар анықланып, «Нур» МПЖ биринши,  «Темир жол» МПЖ екинши, «Берекет» МПЖ үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалары менен сыйлықланып, таңлаўдың келеси республикалық басқышына жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.