Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Тахтакөпир районының «Мүлк»  аўыл пуқаралар жыйынының турғынлары менен ушырасты.

 «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўлери тийис». Президентимиз тәрепинен алға қойылған ҳәм бүгинги күнге турмысымыздың ажыралмас буўынына айланған бул принцип халқымыздың жәмийетимизге, мәмлекетке исенимин беккемлеп, түп мәнисинде өмирден разы болып жасаўына хызмет етпекте.

Үйме-үй жүрип, ашықтан-ашық сөйлесиў түринде шөлкемлестирилген ушырасыўда пуқаралар тийкарынан медициналық ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў, жол қурылысы, жеңиллетилген кредит ажыратыў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти. Усы мүрәжатлардың белгили бир бөлеги сол жерде шешилген болса, толық үйренип шығыў ҳәм ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша тийисли басшыларға анық тапсырмалар берилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ушырасыўда материаллық жәрдем сорап мүрәжат еткен, үш перзенттиң анасы Мийўа Мамутованың шаңарағына барып, бул шаңараққа саўын сыйыр, газ плитасы, газ баллонын, азық-аўқат өнимлерин тапсырды.

Буннан кейин, районнан ҳәм елимиздиң барлық жерлеринен келген исбилерменлер менен ушырасып, олардың машқалаларын тыңлады. Жүзеге келген машқалалы мәселелерди унамлы шешиў бойынша тараў басшыларына ўазыйпалар белгилеп берилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң исбилерменлерге жоллаған мүрәжатының мазмун-мәнисине айрықша итибар қаратылды.

Усы жылдың 7-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында республикамыздың Бозатаў, Мойнақ, Қоңырат районлары менен бир қатарда Тахтакөпир районын да шарўашылыққа қәнигелестириў белгиленген. Илажда усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети, оның республикамызда шарўашылықты раўажландырыўдағы орны  туўралы толық сөз етилди ҳәм алдағы ўақытлары әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпалар белгилеп алынды.

Үш мыңнан аслам халық жасайтуғын, тийкарынан шарўашылық, дийқаншылық, қусшылық, пал ҳәррешилиги менен шуғылланатуғын бул аўыл пуқаралар жыйыны республикамыздың ең шетки аймақларынан бири есапланады. Өткен қысқа ўақыт ишинде аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылды. Атап айтқанда, «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында мектепке шекемги билимлендириў, халық билимлендириўи, спорт, денсаўлықты сақлаў объектлеринде реконструкция жумыслары алып барылды. Турақ жайлар қурылды, жоллар оңланды. Буннан тысқары, халыққа таза ишимлик суўы жеткерилип берилди.

Ушырасыў даўамында азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы шөлкемлестирилди. Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң районлық бөлими тәрепинен халыққа көшпели қабыллаў хызмети жолға қойылды. Соның менен бирге, 16-санлы улыўма билим бериў мектебине 200 дана әдебий китап ҳәм спорт инвентарлары саўға етилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.