Өзбекстан «Адолат» СДП ның «Әдалат – нызам үстинлигинде» жойбары шеңберинде партияның Мойнақ районлық Кеңесиниң жумысшы топар ағзалары райондағы мәкан пуқаралар жыйынларында үйме-үй кирип олардың машқалаларын үйренбекте. Соның менен бирге халықтың денсаўлығын сақлаў, олар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша жергиликли медициналық мәкемелери менен бирге ислесиў жолға қойылғын.

Усы ҳәпте даўамында жумысшы топар ағзалары районның «Мойнақ» мәкан пуқаралар жыйынында болды. Ушырасыўлар өткерип, медицина қәнигелери менен бирге үйме-үй кирип саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлады. Пуқараларға тийисли мәсләҳәтлер берилди.

– Сондай-ақ, медицина хызметкерлери партия белсендилери менен бирге кекселерден де хабар алып, медициналық тексериўлер өткерди,-дейди Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Баспасөз хаткери А.Пахратдинов.

Партияның басламасы менен орынларда халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, шаңарақларға кирип барып, медициналық мәдениятты қәлиплестириў бойынша әмелге асырылып атырған усындай жумыслар нәтийжесинде пуқаралардың медициналық мәденияты, өзиниң саламатлығына итибар қаратыўы күшейеди, деп исенемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.