Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Аманжол Аяпов Нөкистеги 1-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде болып, «Министр сааты»н өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 23-август күни халық билимлендириў системасын раўажландырыў, педагоглардың қәнигелигин ҳәм жәмийеттеги абырайын арттырыў, жас әўладтың мәнаўиятын жетилистириў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өткен еди.

Атап өтилгениндей, дүньядағы раўажланған мәмлекетлер тарийхына нәзер таслайтуғын болсақ, оларда жәмийетлик турмысты өзгертиўге қаратылған реформалар дәслеп билимлендириў системасынан, бақша, мектеп, тәрбия мәселесинен басланғанын көремиз. Себеби мектепти өзгертпей турып, адамды, жәмийетти өзгертип болмайды. Билимлендириў ҳәм тәрбияның тийкары, тырнақ тасы бул – мектеп. Илажда мәмлекетимиз басшысы «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» деген принципке тийкарланған ҳалда, миллий идея ҳәм оның идеологиялық тийкарларын пуқта ислеп шығыў жас әўладты балалықтан миллий мақтаныш ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жоқары әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Өткерилген сабақ даўамында оқыўшыларға бүгинги күни Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, тараўды буннан былай да жетилистириў ҳәм жәҳән стандартлары дәрежесине жеткериў бағдарындағы илажларға  тоқтап өтти. Оқыўшылар өзлерине жаратылған шараятлардан унамлы пайдаланған ҳалда, келешекте белгили бир кәсип маманы, солай етип, елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосатуғын инсанлар болып жетилисиў кереклиги айрықша атап өтилди. Буның ушын көп оқыўы, көбирек излениўи, жәмийетлик жумысларға спорт ямаса басқа да өзлери қызығатуғын дөгереклерге белсене қатнасыўы тийис.

Тараўда жаңалық ретинде енгизилип атырған дәслепки «Министр саааты» илажы оқыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.