Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры Шамшетдин Абдиназимов миллетлераралық кеңпейилликти беккемлеў, татыўлық ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәдениятты раўажландырыўға  қосқан үлеси ушын Қазақстан Республикасының «Бирлик» алтын медалы менен сыйлықланды.

Бул сыйлық усы жылдың 13-14-ноябрь күнлери Қазақстан Республикасының пайтахты Нур-Султан қаласында болып өткен Қазақстан халық ассамблеясы IV Медиа форумында салтанатлы түрде тапсырылды. Илажға Түркия ҳәм Өзбекстаннан халықаралық экспертлер, шолыўшылар, Қазақстан Республикасының депутатлары, министрликлер ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың басшылары, Қазақстан халық ассамблеясы, этномәдений ассоциациялар, жаслар қанатының ағзалары, жергиликли ҳәм сырт мәмлекетлердиң ғалаба қуралларының ўәкиллери қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы