Арқа-Батыс әскерий округиниң басқарыў аппараты ҳәм әскерий бөлим хызметкерлериниң бир топар перзентлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы республикалық Мәлимлеме-ресурс орайының балалар китапханасына экскурсия шөлкемлестирилди.

Президентимиз тәрепинен белгиленген 5 әҳмийетли баслама шеңберинде өткерилген бул экскурсия балаларда үлкен қызығыўшылық оятты.

– Мәлимлеме ресурс орайы ҳәзирги күнде 70 мыңға шамалас китапларды өзинде жәмлеген болып, соннан балалар ушын арналған китаплар 13 мың 500ден асты,-дейди китапханашы Айсулыў Амангелдиева. – Китапханада жәми 8 бөлим ислеп турыпты. Экскурсияға келген балаларға оқыў залы, интернет класс, хызмет көрсетиў ҳәм китапларды сақлаў бөлимлери туўралы мағлыўматлар берилип, китапханаға ағза болыў тәртиплери түсиндирилди.

– Жасым 7 де,-дейди подполковник Ш.Усмановтың баласы Шамшод Хусанбоев. – Китапханаға биринши мәрте келиўим. Китаплардың көп екенлиги ҳәм олар арасында қызық ертек китаплардың бар екенлиги мени қуўантты. Әжапам екеўимиз китапханаға ағза болдық. Енди бос ўақытларымда ата-анам менен бирге китапханаға келип тураман.

Балалар китапханадан үлкен тәсирлер менен шығып, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейине де барды. Ол жерде балалар тәбият, археология, этнография ҳәм тарийхый дәреклерге байланыслы экспонатлар менен танысып, көплеген қызықлы мағлыўматларға ийе болды. Әсиресе, Арал теңизиниң сийрек гезлесетуғын және жоғалып кеткен қуслары ҳәм ҳайўанат дүньясы туўралы мағлыўматлар бериўши экспозициясы балаларда унамлы тәсир қалдырды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.