Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы мәмлекетимиз парламентиниң делегациясы 4-5-ноябрь күнлери рәсмий сапар менен Қазақстан Республикасында болды.

Өзбекстан парламентиниң делегациясы 5-ноябрь күни Нур-Султан қаласындағы «Отан Қорғаушылар» естелигине гүл қойды. Бул копмлекс көп миллетли Қазақстанның барлық халықларының бирлигин нәзерде тутады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Қазақстан Республикасының Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен ушырасты.

Қазақстан басшысы Өзбекстан делегациясының бул сапары парламентлераралық байланысларды раўажландыратуғынын ҳәм мәмлекетлераралық қатнасықларға қосымша түртки беретуғынын атап өтти.

Қасым-Жомарт Тоқаев Қазақстан менен Өзбекстан өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар болып ғана қалмастан, ал бир қатар мәселелерде бир-бирин толықтыратуғынын, соның менен бирге, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен ҳәр тараўда бирге ислесиўди раўажландырыў ушын жедел ҳәрекет етиўге келисип алғанын атап өтти.

2018-жылы мәмлекетлеримиз арасында өз-ара саўда көлеми 2,5 миллиард долларды қурады. Ушырасыўда усы жылдың 9 айы даўамында бул бағдардағы көрсеткиш өткен жылғыдан артқаны атап өтилди.

photo_2019-11-05_20-42-08.jpg

Танзила Норбоева қызғын қабыл еткени ушын Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевқа миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Усы жылы Өзбекстанда Қазақстан жылы өткерилиўи мүнәсибети менен әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар халықларымыздың жақынласыўына айқын мысал болып атырғаны атап өтилди. Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың Өзбекстанға дәслепки мәмлекетлик сапары мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара бирге ислесиўди және де жеделлестириўге  жаңа пәт бағышлағаны атап өтилди.

Ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынлаўы барысы ҳәм кең көлемли еки тәреплеме бирге ислесиўдиң басқа да мәселелери додаланды. Сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Қазақстан Республикасы Парламенти Сенатының Баслығы Дариға Назарбаева менен ушырасты.

Сөйлесиўде кең көлемли мәселелер додаланды. Танзила Норбоева Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы дослық қатнасықлар өз-ара нәтийжели бирге ислесиў ҳәм исеним принциплери тийкарында раўажланып атырғанын, Өзбекстан басшылығы барлық тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратып атырғанын атап өтти.

Соңғы үш жылда Өзбекстан – Қазақстан экономикалық бирге ислесиў стратегиясының избе-из орынланыўы мәмлекетлеримиздиң өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўин байытыўға хызмет етти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы еки тәреплеме бирге ислесиўди нызамшылық көзқарасынан беккемлеў бойынша биргеликте алып барылатуғын жумысларға айрықша итибар қаратты. Онда нызам дөретиўшилиги бойынша тәжирийбе алмасыў ушын бирге ислесиў бағдарында парламентлик топарлар ҳәм парламентлердиң тийисли комитетлериниң потенциалынан әмелий пайдаланыў усыныс етилди.

Дариға Назарбаева Өзбекстан Қазақстанның Орайлық Азиядағы әҳмийетли стратегиялық шериги екенин, Қазақстанның Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев ҳәм Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң хызметлери менен мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар барлық тараўларда беккемленип атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда халықаралық парламент структуралары шеңберинде өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.

Илаж шеңберинде «2019-2020-жылларда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты арасында парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әмелий илажлардың режеси («Жол картасы»)не қол қойылды.

Өзбекстан парламентиниң делегациясы сапар шеңберинде Қазақстан Республикасы парламентиниң ағзалары менен де ушырасты.

Сөйлесиўде еки тәреплеме байланысларда ҳәм ҳәр қыйлы әҳмийетли мәселелерди шешиўде парламент дипломатиясы ең әҳмийетли сыртқы сиясий ресурс сыпатында тән алынатуғыны атап өтилди. Парламент дипломатиясы тек ғана өз-ара исенимди беккемлеўге емес, ал сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиўге тиккелей тәсир ететуғыны атап өтилди.

 

ӨзА