Қарақалпақстан Республикасында заманагөй агросанаат кластери шөлкемлестириледи. Министрлер Кабинетиниң бул ҳаққындағы тийисли қарарының жойбары додалаўға қойылды, деп хабар бермекте Kun.uz.

Ҳүжжет тийкарында «Қарақалпақпахтасанаат аймақлық бирлеспеси» АЖ қайта шөлкемлестириледи ҳәм оның базасында қурамына шөлкемлерди киргизиў арқалы жуўапкершилиги шекленген жәмийет тәризиндеги «Qoraqalpogʻiston agrocluster» заманагөй агросанаат кластери шөлкемлестириледи.

Ҳүжжет жойбары менен төмендеги силтеме арқалы толық танысып шығыўыңыз мүмкин.

https://regulation.gov.uz/uz/document/9763

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.