Шымбай районындағы барлық оқыў орынларында «Кемпир апам кийген кийимлер» сүрени астында жаслар фестивалы өткерилмекте.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-сентябрьдеги «Диний-ағартыўшылық тараўдың жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» идеясы тийкарында динимиздиң инсаныйлық, жақсылық ҳәм тынышлық сыяқлы пазыйлетлерин ҳәм диний кеңпейиллик руўхын кең түрде үгит-нәсиятлаў, социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын және нызам үстинлигин тәмийинлеў, қызларды миллий үрп-әдетлеримизге, дәстүр ҳәм қәдириятларымызға садықлық руўҳында тәрбиялаў мақсетинде өткерилмекте.

Районлық ҳаял-қызлар комитетиниң басламасы менен халық билимлендириў бөлими, «Өнермент» бирлеспесиниң районлық бөлими ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлер тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшы-қызлары, жәмлеспеген жаслар қатнасыўында өткерилген «Кемпир апам кийген кийимлер» фестивалы миллий кийимлеримиздиң рәңбәреңлигин, артықмашылық тәреплерин үгит-нәсиятлаў жолындағы және бир үлкен қәдем болды.

– Қызлар арасында миллий кийимлеримизди кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларға жасларымыздың ҳүрметин арттырыў, кийиниў мәдениятын жоқарылатыў әҳмийетли болып табылады, – дейди Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары, ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Гүлзар Мәмбетниязова. – Бул фестиваль тек ғана кең жәмийетшилик емес, ал, жасларымызға да мақул болмақта.

Фестиваль шеңберинде улыўма орта билим бериў мектеплериниң, колледжлердиң «Қызларжан» клубы ағзалары тәрепинен өзлериниң идеялары ҳәм көзқараслары тийкарында таярланған миллий ҳәм заманагөй кийимлер таныстырылды.

Кийимлерде заманагөйлик ҳәм миллийликтиң, кийимлердеги нағыслардың гезлемелер менен үйлесимлилиги көпшилик қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.

Оқыў орынларында шөлкемлестирилген кестешилик, дизайнерлик, тигиўшилик дөгереклериниң ағзалары тиккен кийимлерден, қол мийнети өнимлеринен ибарат көргизбе оқыўшы қызлардың қаншелли қәбилетли екенлигин көрсетти.

Фестивальда белсене қатнасқан қызларға диплом, ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы