Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Сайлаў ҳәм жаслар» атамасында үгитнәсият илажы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен жәрияланған «Сайлаў нызамшылығы айлығы» шеңберинде өткерилген илажда  Қарақалпақстан  Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм районлық (қалалық) Кеңеслердиң депутатлары, институттың профессор-оқытыўшылары менен студент-жаслары, партияның «Жаслар қанаты» жанында дүзилген «Жас сиясатшылар» ҳәм «Жас лидерлер» клубларының ағзалары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, сайлаўлар демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң ажырасмас белгиси, халқымыздың өз ерк-ықрарын билдириўи, пуқаралардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларда қатнасыўының тийкарғы шәрти болып табылады. Елимизде басқышпа-басқыш ҳәм избе-из әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесинде ең жоқары демократиялық талаплар ҳәм улыўма тән алынған халықаралық стандартларға сай жаңа Сайлаў кодекси қабыл етилди. Нәтийжеде, усы кодексте белгилеп қойылған ҳәр кимниң мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықын тәмийинлейтуғын сайлаў системасы жаратылды.

Илажда сөзге шыққанлар Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң мазмун-мәниси, пуқаралардың, соның ишинде, жаслардың сайлаў ҳуқықлары, даўыс бериў тәртиби ҳәм басқа да мәселелер бойынша толық түсиниклер берди. Жаслар болажақ сайлаўларға байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

-Ҳәр биримиздиң сайлаўларға белсене қатнасыўымыз елимиздиң айдын келешегин тәмийинлеўде, оның гүллеп-раўажланыўында айрықша әҳмийетке ийе,-дейди Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Дилноза Жолдасбаева.-Сайлаў кодексиниң 4-статьясында белгилеп қойылғанындай,  сайлаў күни он сегиз жасқа толған Өзбекстан Республикасының пуқарасы сайлаў ҳуқықына ийе. Соның ишинде мен де өзимниң конституциялық ҳуқықымнан пайдаланған ҳалда биринши мәрте сайлаўда қатнасаман ҳәм буннан жүдә қуўанышлыман.

Илаж ақырында партия қатарына қабыл етилген бир топар студент-жасларға ағзалық гүўалықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды ҳәм қатнасыўшыларға концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Р.ҚУЎАНЫШБЕКОВ,

ҚМУ журналистика қәнигелеигиниң студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.