Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен «Нөкис» сыртқы экономикалық байланыслар бажыхана постында исбилерменлик субъектлери ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда қәнигелер тәрепинен усы жылы бажыхана хызметине байланыслы нызамшылыққа киргизилген өзгерислердиң исбилерменлердиң жумысларына қолайлығы ҳәм бажыхана тараўындағы жеңиллик ҳәм қолайлықлардың абзаллықлары ҳаққында толық түсиниклер берилди.

Илажда қәўипсизлик топары хызметкерлери тәрепинен ҳәр бир тараў ўәкиллери өз жумысларына жуўапкершилик пенен қатнас жасаса ғана халықтың тынышлығы тәмийинлениўи атап өтилип, елимиздиң бажыхана шегара аймақларында жүз бериўи мүмкин болған нызамбузыўшылықлар ҳәм жынаятлар, соның ишинде коррупция ҳалатларының алдын алыў бойынша қатаң тәртип орнатылғанлығы ҳаққында мағлыўматлар берилди.

– Президентимиз тәрепинен соңғы ўақытлары исбилерменликти раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў, қолайлы бизнес орталығын жаратыўға байланыслы бир қанша нызам ҳүжжетлери қабыл етилмекте,-дейди басқарманың Баспасөз хызмети инспекторы М.Чимбергенова.

Өз гезегинде бундай илажлардың шөлкемлестирилиўи алды менен халқымыздың тынышлығын сақлаў, татыў турмыс-тәризин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли.

Илаж жуўмағында қәўипсизлик топары хызметкерлери тәрепинен исбилерменлерге өз жумысларын әмелге асырыўда бажыхана хызметкерлери тәрепинен олардың жумысларына нызамсыз араласыў, дәмегөйлик, коррупция ҳалатларына жол қойылған жағдайларда Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң 11-08 қысқа номерли телефонына яки басқарманың
(361) 224-24-19 номерине мүрәжат етиўлери мүмкинлиги айтылды.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.