Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында қабыл етилген «Жол картасы»ның орынланыў барысы ҳәм алда турған ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы  басқармасы баслығының орынбасары А.Ибрагимов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң проректоры  О.Дүйсенбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде коррупцияға қарсы гүресиў, бул бағдарда халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнас жасаўды қәлиплестириў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын реформалаў бойынша елимизде кең көлемли илажлар әмелге асмырылмақта. Деген менен, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм қадағалаў мәкемелериниң жумыслары үстинен жәмийетшилик қадағалаўды еле де жетилистириў талап етилмекте.

Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде 2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилди. Усы пәрманның 8-бәнтиниң муўапық Бас прокуратура тәрепинен тастыйықланған жоқары билимлендириў системасында «Коррупциясыз тараў» жойбары әмелге асырылып, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң «Жол картасы» ислеп шығылды.

Илажда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилди ҳәм  алда турған ўазыйпалар белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.