Әндижан қаласындағы Мухаммед Юсуф атындағы дөретиўшилик мектебинде 9 ҳәм 11-класс оқыўшылары арасында «Мениң ҳуқық ҳәм миннетлерим» атамасындағы таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышы болып өтти.

Бул таңлаўға қатнасқан республикамыздың «Боран» командасы жақсы нәтийжелерге ерисип, улыўма командалық есапта екинши орынды ийеледи. Команда қурамында қатнасқан Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 25-санлы улыўма билим бериў мектебиниң  оқыўшысы Раиса Мырзабаева, усы райондағы 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниң  оқыўшысы Саёра Әбдреймова, Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 37-санлы улыўма билим бериў мектебиниң  оқыўшысы  Гәўҳар Қудиярова, Елликқала районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы улыўма билим бериў мектебиниң  оқыўшылары Карамат Розимова ҳәм Камила Жаббаровалар шығыўы төрешилер қурамы тәрепинен ылайықлы баҳаланды.

Жеңимпазлар Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў бөлиминиң диплом және баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.