Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Президент Мун Чжэ Инниң мирәтине бола 2017-жыл 22-25-ноябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен Корея Республикасында болады.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде өз-ара бирге ислесиўдиң кең көлемли мәселелери, сиясий, саўда-экономикалық, қаржы-инвестициялық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитар ҳәм басқа да тараўлардағы мәмлекетлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыўдың перспективаларын додалаў, регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысыў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, Миллий Ассамблея Спикери ҳәм Корея Республикасы Бас министри менен ушырасады, еки мәмлекеттиң жетекши экономикалық ҳәм қаржы структураларының басшылары қатнасыўындағы Өзбекистан – Қубла Корея бизнес форумына қатнасады.

Сапардың жуўмақлары бойынша Өзбекистан Республикасы ҳәм Корея Республикасы Президентлериниң Стратегиялық шерикликти ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳаққындағы бирликтеги баянаты қабыл етилиўи, сондай-ақ, түрли тараўлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм кеңейтиўге байланыслы көплеген ҳүкиметлераралық  ҳәм ведомстволараралық ҳүжжетлер, коммерциялық келисимлер ҳәм шәртнамаларға қол қойылыўы күтилмекте.

ӨзА