Минск, 30-июль. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Матназар ЭЛМУРОДОВ хабар береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң рәсмий сапарына қызғын таярлық көрилип атырған Минск қаласында шөлкемлестирилген Өзбекстан – Беларусь аймақлараралық форумы «Регионлардың бирге ислесиўи – мәмлекетлераралық қатнасықларды раўажландырыўдың әҳмийетли факторы» атамасындағы жалпы мәжилис пенен даўам еттирилди. Онда тийкарғы итибар мәмлекетлеримиз арасындағы санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, билимлендириў сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелерине қаратылды.

Парламентлер ҳәм ҳүкиметлердиң ағзалары, ири компаниялар, исбилермен топарлар, аймақлардың ўәкиллери қатнасқан мәжилисте бул форум мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди жаңа, буннан да жоқары басқышқа көтериўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.

6.JPG

Еки мәмлекет басшыларының келисими менен аймақлараралық әнжуманларды өткериў әмелияты жолға қойылды.

Илажда Сырдәрья ҳәм Минск ўәлаятларының бирге ислесиўи мысалында мәмлекетлеримиз арасында қабыл етилген «Жол картасы»ның орынланыўы бойынша сөз болды.

Аймақлараралық форум майданында бир қатар коммерциялық шәртнамалар ҳәм келисимлерге қол қойылғаны регионлар арасындағы байланыстың бул платформасы қаншелли нәтийжели екенлигин айқын көрсетип берди.

7.JPG

Минск қаласының орайлық дем алыў бағында уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайының бюсти ашылды.

Усы илаж еки халық арасындағы мәдений бирге ислесиўдиң жаңа тарийхындағы үлкен ўақыя болды. Өйткени, Ҳәзирети Наўайы бюсти Беларусьта Шығыстың данышпанлары ҳүрметине қурылған дәслепки естелик есапланады.

«Дүнья халқы билиң, душпанлық апат келтирер,

Дос болып жасаң, бул жол бизге бахыт келтирер.»

1.JPG

Әсирлер даўамында уллы бабамыздың қәлемине тийисли бул қатарлар өз қунын  жойытпай, керисинше дүнья халықлары арасында  жаңғырған шақырық сыпатында әҳмийети артып бармақта.

Поэзия мүлкиниң султаны бюстиниң ашылыўына бағышлап өткерилген салтанатлы мәресимде усы ҳикметли қатарлар беларусь тилинде жаңлады. Онда еки мәмлекет ҳүкиметлери ҳәм парламентлериниң ағзалары, әдебият, мәденият ўәкиллери, кең жәмийетшилик ҳәм жаслар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Наўайы философиясы түрли миллетлер ҳәм халықлардың мәдениятын ҳәм ақыл-санасын раўажландырыўда оғада әҳмийетли орын тутатуғынлығын, Президентимиздиң сапары алдынан болып  атырған бул мәресим өзбек ҳәм беларусь халықлары арасында дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықларының жаңа басқышқа көтерилип атырғанлығын сәўлелендиретуғынын атап өтти.

Беларусь Республикасы Миллий Мәжилиси Кеңеси баслығының орынбасары Марианна Щчёткина мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар мәденият тараўында да жоқары дәрежеге көтерилип атырғанын атап өтти. Өткен жылы Ташкентте атақлы беларусь жазыўшысы ҳәм жәмийетлик ғайраткери Якуб Коластың ҳүрметине естелик орнатылғанлығы, енди Минскте Ҳәзирети Наўайы бюстиниң орнатылғанлығы бул пикирдиң айқын дәлили есапланады.

– Усы естеликтиң ашылыўы уллы ҳәм салтанатлы ўақыя. Өйткени Наўайы тек ғана уллы шайыр ҳәм ойшыл емес, ал уллы ағартыўшы да болған. Наўайы мийрасы пүткил инсанияттың мүлкине айланған, шығармалары көплеген тиллерге аўдарма исленген. Оның терең философиясы, шығармаларындағы рәңбәрең образлар халықларды дослық, инсаныйлық, уллылық сыяқлы пазыйлетлер арқалы бирлестириўге хызмет етеди, – деди Марианна Щчёткина.

Ҳақыйқатында да, Әлийшер Наўайының шығармалары дүньяда тынышлықты, дослықты ҳәм жақсылықты үгит-нәсиятлап атырған бийбаҳа мийрас сыпатында барлық халықлар тәрепинен қәдирленеди. Тийкарында әдебият заман, мәкан, шегара билмейди. Инсан кәмилликке умтылар екен, Ҳәзирети Наўайының шығармалары ҳәр бир дәўирде, ҳәр қандай социаллық орталық ўәкиллери ушын әзиз ҳәм әҳмийетли болып қала береди.

Беларусьлы мүсинши Максим Макаревич тәрепинен исленген бюст буның және бир тастыйығы болды.

9.JPG

Мәресим өзбек ҳәм беларусь халықларының биргеликтеги байрамына айланып кетти. Наўайы бабамыздың естелиги гүллерге бүркенди.

Беларусь мәмлекетлик филармониясының концерт залында Өзбекстан мәденияты күнлериниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Онда еки мәмлекеттиң мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, шайыр ҳәм жазыўшылар, кең жәмийетшилик, жаслар қатнасты.

Өзбек ҳәм беларусь халықлары дүнья мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Мәмлекетлеримизди басқа да тараўлар қатарында халықларымыздың бийтәкирар мәденияты ҳәм көркем өнери де байланыстырып турады.

2.JPG

Самарқандта болып өтетуғын «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалында беларусьлы дөретиўшилер  турақлы түрде қатнасып келеди. Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнери ўәкиллери де Беларусьта болып өтетуғын «Славянский базар» ҳәм басқа да абырайлы фестивальлардың  белсенди қатнасыўшыларына айланған.

2018-жылдың апрель айында Ташкентте Беларусь мәденияты ҳәм киносы күнлери өткерилген еди. Минскте ашылған Өзбекстан мәденияты күнлери мәмлекетлеримиз арасындағы мәдений бирге ислесиўди раўажландырыў жолында қойылған гезектеги қәдем болып табылады.

3.JPG

Мәресимде еки мәмлекеттиң мәденият министрликлери ўәкиллери сөзге шығып, усы илаж өз-ара уқсас мәдений байланысларды беккемлеўде, беларусь халқын өзбек миллий мәдениятының бийбаҳа үлгилери менен таныстырыўда айрықша әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Пайызлы ақшам, Минск бойлап өзбек миллий музыкалары жаңлады. Кеўилге қонымлы қосық ҳәм аяқ ойынлар бәршеге көтериңки кейпият бағышлады.

ӨзА