Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын көбейтиў ҳаққындағы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрман тийкарында 2019-жылдың 1-август күнинен баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар және напақалар муғдары орташа есапта 1,1 (10%) есеге көбейтиледи.

 

Демек, 2019-жыл 1-августтан баслап Өзбекстан аймағында ең кем:

– мийнет ҳақы – айына 223 000 сум;

– жасқа байланыслы пенсиялар – 436 150 сум;

– балалықтан майыпларға берилетуғын напақа – айына 436 150 сум;

– зәрүрли жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа айына 267 650 сум муғдарында белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.