Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Термиз филиалына Сурхандәрья ўәлаяты, Ангор районы, «Улуғбек» мәҳәлле пуқаралар жыйыны турғыны, 1941-жыл 13-апрельде туўылған пуқара Маматқул Бердиалиев ҳүжжет тапсырды.

Маматқул Бердиалиев еле денсаўлығы жақсы екенлигин айтып, биринши бағдар сыпатында «Мийўе жетистириў ҳәм жүзимшилик тәлим бағдарын», екиншисине «Овощ, палыз ҳәм картошка жетистириў», үшиншисине болса «Ыссыхана хожалығын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў» бағдарларын таңлайтуғынлығын айтып өтти. Маматқул Бердиалиев келешекте жоқары мағлыўматқа ийе болып, узақ жыллар даўамында халқымызға хызмет етиў және азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде өз үлесин қосыў нийетинде.

Буннан алдын, 72 жастағы абитуриент – Холиқов Тоштемир Асқарович Ферғана мәмлекетлик университетиниң күндизги бөлиминде оқыў ушын ҳүжжет тапсырған еди. Ол 1947-жылы 10-январьда туўылған ҳәм Қува районының турғыны.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў миинстрлигиниң мәлим етиўинше, быйыл республиканың Жоқары билимлендириў мәкемелерине абитуриент сыпатында дизимге алынып атырған 50 жастан асқан пуқаралардың саны көпшиликти қурамақта. Өйткени быйылдан баслап, жасқа байланыслы шеклеўлер әмел етпейтуғын болды.

ӨзА