Үш тәлим бағдары ямаса үш жоқары оқыў орнын сайлаў имканияты тек ғана тест сынақлары арқалы оқыўға киретуғынлар ушын әмел етеди.

Дөретиўшилик (ямаса кәсиплик) имтихан арқалы оқыўға қабыл етилетуғын бағдарларға бундай имканият берилмейди.

Ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиевтиң хабар бериўинше, тест сынақлары ҳәм кәсиплик (ямаса дөретиўшилик) имтихан арқалы (мәселен, журналистика бағдары), сондай-ақ, тек ғана кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан арқалы (мәселен, дене мәденияты бағдары) оқыўға қабыл етилетуғынлар 3 жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсыра алмайды.

Еслетип өтемиз, быйыл абитуриентлерге бир ўақыттың өзинде пәнлер избе-излиги сәйкес келетуғын 3 тәлим бағдары ямаса 3 жоқары оқыў орнын таңлаў имканияты бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.