Усы жылдың 20-июнь күни «Озодлик» радиосының рәсмий веб-сайтында Төрткүл районы «Уллы бағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағының турғыны жоллаған видеосы жәрияланды.

Видеода пуқара өзи жасап атырған аймақтың «Абат аўыл» бағдарламасына киргени, бирақ автомобиль жолының толық асфальтланбастан қалып кеткени, жолдың асфальтланбаған тәрепинен автомобильлер өтсе шаң ҳаўаға көтерилип атырғаны, жағдай бойынша тийисли орынларға мүрәжат еткенлиги менен ҳеш қандай нәтийже болмай атырғаны ҳаққында сөз еткен.

Биз бул видеодағы көринислер бойынша үйрениўлер алып барғанымызда төмендегилерди анықладық.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» бағдарламасын 2018-жылда әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, 2018-жылда аймақтың 2 километрлик топырақлы жолы шебень араласпасы менен тегислениўи жобаластырылған. Усы жоба тийкарында жолда оңлаў жумыслары алып барылған.

Бул жолды асфальтлаў жобаға киргизилмеген.

Кейинги жылларда район ҳәкимлиги тәрепинен усы аймақтың жолларын асфальтлаў жобаға киргизилсе ғана толық асфальтланады.

Усы орында қәнигелер берген төмендеги мағлыўматларды да келтирип өтиўди мақул деп есапладық.

1 километрлик жолды асфальтлаў ушын орташа 600-700 миллион сум қаржы жумсалады. Ал шебень араласпасы менен тегислеў ушын 1 километрге 300 миллион сум қаржы сарпланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.