«Өзбекстан темир жоллары» Қазақстанның Арыс қаласындағы әскерий бөлимде жүз берген жарылыў мүнәсибети менен айырым поездлардың ҳәрекетлениўи ўақытша тоқтатылғанын мәлим етти.

Компания баянатында жазылыўынша, «Қазақстан темир жолы» миллий компаниясы АЖ тәрепинен ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде айырым жолаўшы тасыўшы поездлар ҳәрекети ўақытша тоқтатылған.

№321/322 «Алматы-Нөкис» жөнелиси бойынша қатнаўлар да Арыс станциясы арқалы жолаўшы поездларының ҳәрекети қайта иске түскенге шекем ўақытша тоқтатылған.

Усы жөнелис ушын билетлерди сатып алған жолаўшылар темир жол кассаларына жол ҳүжжетлерин (билетлерин) усынған ҳалда оларға билетлердиң ақшасы толығы менен қайтарылады, делинген хабарда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.