Усы жыл 20-июнь күни Нөкис қаласындағы «Мега-Нөкис» саўда комплексиниң алдында Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизоны әскерий оркестриниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

«Жаслар айлығы» мүнәсибети менен өткерилген илажда әскерий оркестриниң ҳәм қосықшыларының атқарыўындағы йошлы қосықлар, қол урысы бойынша көргизбели шығыўлар қала турғынлары ҳәм бул жерге келген мийманларда айрықша тәсир қалдырды.

Арқа-батыс әскерий округи тәрепинен Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген илаждағы атқарылған йошлы қосық ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға айрықша қуўаныш бағышлап ғана қоймастан, биргеликтеги ойын-заўықларға мирәт етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.