Хожели районында шөлкемлестирилген семинарға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигелери, районда ғәлле туқымын жетистириў менен шуғылланатуғын фермер хожалықлары ҳәм басқарманың Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай, Тақыятас районлық бөлимлериниң баслықлары қатнасты.

Аўыл хожалығы егинлериниң туқымын жетистириў, таярлаў, қайта ислеў, сақлаў ҳәм сатыў, сондай-ақ, сорт ҳәм туқымгершиликти қадағалаў – азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли дәреги есапланады. Соның ушын елимизде бул тараўға айрықша итибар қаратылмақта.

Президентимиздиң «Аўыл ҳәм суў хожалығын мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен пахта шийки заты ҳәм дәнли егинлердиң туқымларын таярлаў және олардан пайдаланыўдың заманагөй системасы жаратылып, «Өзбекстан Республикасында туқымгершилик системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында елимизде ген коллекциясынан өнимли пайдаланып, өнимдар, ерте писетуғын ҳәм сапасы жоқары болған жаңа сортлар жаратыў үстинде жумыслар әмелге асырылмақта.

Семинарда  қәнигелер тәрепинен ғәлле туқымгершилиги бойынша бир қанша усыныслар билдирдили. Алдыңғы жылларда усы егин селекциясы ҳәм туқымгершилигине жетерли дәрежеде итибар қаратылмағаны ақыбетинде жергиликли сортларды жаратыў жумысларының көлеми төмен болғаны, енди сапалы туқымлық жетистириў, жыйнаў, сақлаў, қайта ислеў, дәрилеў, ораў, фермер хожалықларына жеткерип бериў ҳәм экспорт етиў процесин өз ишине алған туқымгершилик кластери жолға қойылатуғыны атап өтилди.

Қәнигелерден ибарат жумысшы топар усы жылдың 24-май күни Хожели районында 2019-жыл зүрәәти ушын егилген ғәллениң жыйын-терим илажларында қатнасатуғын комбайнларды техникалық тексериўден өткерип, бир қатар кемшиликлерди анықлаған еди. Семинардан соң усы кемшиликлерди сапластырыў бойынша илажлар әмелге асырылып, комбайнлардың операторларына шараятлар жаратып берилди.

Семинардың жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Зиядуллаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.