Нөкистеги Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновациялық орайында Киото университети профессоры, Суў ресурсларын үйрениў орайы қәнигеси Кенжи Танакани ҳәм Тохоку университети доценти, жасалма жолдас бақлаўы бойынша қәниге Йошия Тоге менен ушырасыў болып өтти. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Япония делегациясын Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайының Орайлық Азия ҳәм Кавказ арты мәмлекетлериниң регионаллық ўәкилханасы басшысы, профессор Кристина Тодерич қабыллады.

Ушырасыў Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайының Орайлық Азия ҳәм Кавказ арты мәмлекетлериниң регионаллық ўәкилханасы бағдарламасы шеңберинде Арал бойы халықаралық инновациялық орайының өндирислик майданында болды. Япониялы мийманлар халықаралық инновациялық орайдың нәл жетистириў орнында дузға ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлердиң нәллерин көзден өткерди.

Япониялы илимпазлар Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайының Орайлық Азия ҳәм Кавказ арты мәмлекетлериниң регионаллық ўәкилханасы қатнасыўында илимий изертлеў жумысларын әмелге асырыўды жобаластырмақта.

Сәўбетлесиў даўамында Мойнақ районында гидрометеопост шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Сондай-ақ, Арал теңизиниң қурыған ултанындағы шор топырақтан дуз ҳәм гербицидлерди ажыратып алыўға жәрдем беретуғын технологияны жаратыў және альтернативалық энергия есабынан ислейтуғын ыссыхана қурыў имканиятлары додаланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги