Электр энергиясы бойынша қарыз ушын пеня есапланатуғын болды, деп жазды Norma.uz.

Атап өтилиўинше, процесс 2019-жыл 11-февральдан тикленген. 2017-жыл 1-январьдан «арнаўлы көрсетпе» берилгенге шекем электр энергиясынан қарыздарларға пеня есапланбай атырған еди.

Еслетип өтемиз, турмыслық тутыныўшылар пайдаланған электр энергиясы ушын қарыздар болғанда, төлеў мүддети ҳәр бир күн ушын мүддет өткенде сумманың 0,1% и муғдарында, бирақ мүддети өткен төлеў суммасының 50% инен көп болмаған муғдарда пеня төлейди (Электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары. ӨзР МКның 12.01.2018-жылдағы 22-санлы қарарына 1-қосымша).

2019-жыл 1-январьдан кейин электр энергиясын есаплаў приборы көрсеткишлери жазып алынғанынан ҳәм әмелге асырылған қайта есаплаўлардан соң, сондай-ақ, белгиленген тәртипте киргизилген алдын ала төлем есапқа алынған жағдайда, есаплаў дәўиринен кейинги айдың 11-күнинен баслап турмыслық тутыныўшының анықластырылған қарыздарлық суммасынан пеня өндириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги