Сапасыз жол болмаған қала ямаса район болмаса керек. Айырымларында оңлаў жумыслары алып барылса да, олардағы жумыстың сапасынан көпшиликтиң кеўли толмайды. Усындай жағдайда кимге мүрәжат етиў мүмкин?

Транспорт министрлиги жанындағы Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясының баслығы Зарифулла Хўжановтың мәлим етиўинше, инспекцияның 71 268-92-68 номерли исеним телефонына ямаса uzavtoyul.uz сайтына мүрәжат етиў мүмкин. Инспекция бурынғы жоллардың сапасына жуўап бермейди, алып барылып атырған жол қурылысларының сапасын қадағалап барады ҳәм бул бойынша шағымларды қабыллайды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, бул инспекция тәрепинен 2018-жыл даўамында жол қурылысы тараўында 8 мыңнан аслам нызам бузыўшылықлар анықланған. 2500 ден аслам көрсетпелер берилген, оларды ўақтында ҳәм сапалы орынламаған 302 хызметкерге ҳәр қыйлы жәриймалар белгиленген, ҳәттеки суд тәрепинен жуўапкершиликке тартылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги