Астана, 8-июнь. ӨзА арнаўлы хабаршысы Абу Бакир Урозов хабарлайды. 

ШБШның Астана саммити шеңберинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев өзи ушын ажыратылған резиденцияда Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани менен ушырасты.

Өзбекистан ҳәм Аўғанстан халықларының үрп-әдет ҳәм дәстүрлери бир-бирине уқсас. Еки мәмлекет ортасында жақын қоңсышылық байланыслары орнатылған болып, түрли тараўларда нәтийжели бирге ислесип келинбекте.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Аўғанстандағы жағдайды сиясий жол менен шешиў, мәмлекетте турақлылықты тәмийинлеў, экономиканы раўажландырыў тәрепдары екенин атап өтти.
Елимиз Аўғанстанға электр энергиясы, мийўе-овощлар, нефть өнимлери, минерал төгинлер экспорт етпекте. Қурылыс, энергетика, таў-кән санааты ҳәм билимлендириў тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыўда қатнасып келмекте. «Ўзбекистон темир йўллари» акционерлик жәмийети тәрепинен Хайратаннан Мазари Шарифке шекем темир жол линиясы, сондай-ақ, елимиздиң көмеги менен Аўғанстанда көпирлер, жоқары вольтли электр линиялары, оптик талшықлы кабель линиялары, суў тәмийнаты тармағы қурылған.
Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани Аўғанстанда турақлы жағдайды тиклеў бағдарында Өзбекистан әмелге асырып атырған жумыслар Аўғанстанда жоқары баҳаланыўын атап өтти ҳәм миннетдаршылық билдирди. 2016-жыл Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң Ташкентте  өткен мәжилисинде бақлаўшы сыпатында қатнасқаны, саммит шеңберинде еки мәмлекет басшыларының ушырасыўында ерисилген келисиўлердиң әмелге асыўынан мәпдар екенлигин мәлим етти.
Ушырасыўда мәмлекетлеримиз ортасындағы сиясий, саўда-экономикалық, транспорт коммуникациялары, мәдений-гуманитар салаларындағы байланысларды буннан былай да раўажландырыў перспективалары, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер талқыланды.