Усы күнлерде «Россия» телеканалы Жер планетасы тәрепке үлкен астероид жақынласып киятырғаны, ол 2019-жыл 1-февральда Жерге урлып, ақырзаман болыўы ҳаққындағы видеоматериалларды тарқатқан еди. Буның нәтийжесинде адамлар арасында қыямет күни жақынласып қалғаны ҳаққындағы қорқыныш пайда болды.

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Астрономия институты бул хабарға мүнәсибет билдирди, деп жазады Kun.uz.

«Бул хабар менен танысып шыққанымыздан соң, оның пүткиллей өтирик екени мәлим болды. Себеби, 2019-жылы Жерге жақынласатуғын астероидлардың дизими астрономларға алдыннан мәлим ҳәм олар турақлы түрде мониторинг етип барылады. 2019-жылдың апрель айына шекем Жерге жақынласыўы күтилип атырған астероидлардың саны 20 дан аслам болып, олардың орташа жақынласыў аралығы 5 млн километрди қурайды. 2019-жылдың 1-февралында Жерге жақынласатуғын астероид усы жылдың январь айында ашылған болып, оған 2019АВ2 деген ат берилген. Оның өлшеми 150-340 метрди қурап, ол Жерге 6 млн километрге шекем жақынласады. Бунда оның траекториясы Жерге бағдарланған сызыққа тик жөнелисте болады. Астероидтың Жерге бундай аралықта жақынласыўы ҳәм жоқарыдағыдай траекторияға ийе болғанлығы себепли ол Жерге ҳеш қандай қәўип пайда етпейди.

«Россия» телеканалы хабарында «Жерге жақынласып киятырған астероид галактикалар аралық космостан келмекте», – делинген. Бул пикир хабардың өтирик екенлигин көрсетеди. Себеби, астероидлар Қуяш системасы ағзалары болып, олардың басқа галактикаларға байланысы жоқ», – делинген хабарда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.