Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында усы атамада ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға Нөкис қалалық ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығының орынбасары, подполковник Бегил Исаков, усы басқарма баслығының 1-орынбасары, подполковник Сабит Утамбетов ҳәм «Қумбыз аўыл» МПЖ профилактика бойынша аға инспекторы, капитан Фарид Әлеўов, жәмийетлик шөлкемлер ўәкиллери ҳәм институт студент-жаслары қатнасты.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қуўандық Қадиров басқарып барды.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, бүгинги дәўирде информацияның глобалласыўы Интернет тармағының раўажланыўын тәмийинледи. Нәтийжеде глобаллық тармақ барлық мәмлекетлерди өз ишине қамтып алды. Усындай жедел дәўирде информацияның қүдиретинен унамсыз мақсетлерде пайдаланып атырған бузғыншы күшлер де ушырасып турғаны ашшы ҳақыйқат. Муқаддес динимиз – Ислам дининиң тәлийматларын өзлериниң бузғыншы мақсетлерине ерисиў жолында өзгертип, көплеген жасларды өз қармақларына түсирип атырған жаман нийетли адамлар да ҳаслында елимиздиң бүгингидей раўажланыўын көре алмайтуғын, қараңғылыққа қарай баслайтуғынлығы ҳеш кимге де сыр емес. Солай болса да, айрым исеними ҳәм ерк-ықрары төмен жаслардың бундай жолларға кирип қалып атырғаны бүгинги жәмийетимизди еле де қырағы, сергек болыўға шақырады.

Экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиўде бүгингидей үгит-нәсият жумысларының орны айрықша есапланады.

Сондай-ақ, ушырасыўда ишки ислер уйымлары хызметкерлери тәрепинен пайтахтымыз Нөкис қаласында «Қәўипсиз қала» концепциясы тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм олардың әмелий әҳмийети бойынша жыйналғанларға кең түрде түсиник берилди.

Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.