Быйылғы жылы шайыр, драматург, журналист ҳәм ағартыўшы  Сейфулғабит Мәжийтовтың туўылғанына 150 жыл толады. Усыған байланыслы шайырдың юбилейи республикамызда кең түрде белгилениўи көзде тутылған.

Зәбердес қарақалпақ әдебиятшысы, филология илимлериниң докторы Қырықбай Байниязовтың ( бул пидайы алымның жайлары жәннеттен болсын) С.Мәжийтов ҳаққында «Туңғыш сабақлықлардың авторы» («Таң жулдызлары» Нөкис – «Қарақалпақстан»  1989 ж.)  атамасындағы изертлеўин базы бир қысқартыўлар менен сизлердиң нәзериңизге усынамыз.

ТУҢҒЫШ САБАҚЛЫҚЛАРДЫҢ АВТОРЫ

Мине мен Нөкис қаласы, Заводская көшеси жетинши номерли жайға келип, жекке адамға сыйыныў жылларында қурбан болған жазыўшы Сейфулғабит Мәжийтовтың ақлаў қағазын оқып отырман׃

«Справка. Қазан губерниясында 1877-жылы туўылған Сейфулғабит Мәжийтовты айыплаў бойынша ис оның ҳәрекетинде қылмыс болмағаны себепли Қарақалпақстан АССР прокурорының  1958-жыл  29-сентябрьдеги қарары менен тоқтатылды».

«… Өлгеннен кейин ақланды». Бул қулаққа жағымсыз сөзлер бийгүна қурбан болып кеткен жүз мыңлаған адамлардың ул-қызларының, туўысқанлары менен яр-досларының ески жүрек жараларын қайтадан қоздырып жибереди. Бул сапары да Мәжийтовлардың үйинде усындай кеўилсиз ҳәдийселер жүзеге келип шықты. Сейфулғабиттиң ақлықларынан Алим Ҳәкимович суўық демин алса, Фарида Рахимовна русшалап׃ – Не ушын олай иследиңизлер? – деп жылап жиберди…

Рахим Мәжийтовтың ҳаялы сексен жасар Әнўара өзиниң басынан кеширген турмыс қыйыншылықларын есине түсирди׃

– Мине мынаў, 1929-жылы Үргенчте түскен сүўретимиз, – деп Әнўара апа ески сүўретти көрсетти.  – Бул сүўреттегилер – Рахим, мен, сиңлим Маяптаб  ҳәм Әбдираман Өтепов, Әбдираман бизлерди көриў ушын Үргенчке арнап барған еди. Соңынан облисполком председатели Көптилеў Нурмухамедов барып, бизлерди үгитлеп Төрткүлге көширип әкелди ҳәм Рахимди облаткомға инструкторлыққа, мени бир мәкемеге машинисткалыққа жумысқа орналастырды… 1937-1938-жыллары бизлердиң аўҳалымыз тағы да аўырласты. Атамды ҳәм Рахимди «халық душпаны» деп тюрьмаға қамады… Мен оларды көрейин деп изинен барған едим. «Сен сырт елдиң шпионысаң» – деп мени де услап алып, бир күн бойына қыйнап тергеў алды. Қундақта емизиўли балам бар еди. Мезгилинде аўқатландырыў ушын оғанда жибермеди. Декреттен қайтып барсам, бурынғы ислеген жерим маған расчет ақшамды да төлемеди. Сен «халық душпанының» ҳаялысаң деп жумысыма да алмады. Басқа кеңселерден жумыс излесем, фамилиямызды еситиўден қайтара береди. Себеби орган  мәкемелерге фамилиямызды жазып берген екен. Солай етип, мен   1937-1938-жыллары бес бала менен  жумыссыз қалып қойдым. Атам күни-түни тынбай жазатуғын еди. Оны Нөкис қаласында турған жеринен тутып алып, Төрткүл тюрьмасына қамады. Ал бизлер қорқып, оның оның қолжазбаларын кийизге орап көмген едик. Соңынан Нөкисти суў алды. Бизлер жайымыз қулап, ҳәркимниң қуўыс-қолтығында оңысып жүргенде бул қолжазбадан да айырылып қалдық. Солай етип, атамның өзи де, сөзи де набыт болып кетти…

Ол туңғыш сабақлықлар болған «Егеделер саўаты», «Қарақалпақ тилинде әлипбе», «Қарақалпақ тилинде оқыў китабы» (Ташкент, 1925-жыл) атлы үш оқыў қуралын дүзип шықты ҳәм бастырып шығарды. 1928-жылы «Қарақалпақ әдебияты жыйнағын» (Төрткүл) өз алдына китап етип шығарды.  1924-1928-жылларда «Еркин қарақалпақ» (ҳәзирги «Совет Қарақалпақстаны») газетасының штатлы редакторы болмағанлықтан, бул газетаның барлық  жумысына жуўаплы секретары Сейфулғабит Мәжийтов басшылық етти.

– «Бул жумыс аңсат болмады, – деп жазған еди өз мәҳәлинде Қ.Әўезов ҳәм П.Варламов. – Қарақалпақ тилинде газетаның бир номерин ямаса қандайда болмасын бир китапшаны басып шығарыў ушын оғада көп мийнет етиўимизге туўры келди. Бирақ буның есесине типографиядан бул китап ҳәм газеталар шыққан ўақытта қандай салтанат болды десеңизши! Қарақалпақ тилинде биринши әлипбени ҳәм биринши сабақлықты дүзиў ушын соншама көп күш сарп етилди. Кем саўатлы қарақалпақлардың азғана группасы татар, қазақ, рус хызметкерлериниң усындай группасы менен бирликте бул тараўда оғада уллы ис исследи. Бул жерде күте үлкен қыйыншылықларды жеңип шығыў, шовинизм менен миллетшиликке қарсы жүргизилген гүрестиң нәтийжесинде қарақалпақ  әдебий тили пайда болды ҳәм қәлиплести». (Авезов К. и Варламов П. Каракалпакстан к 10 летию Казахстана, Алма-Ата, 1930,  29-30-бетлер).

Ҳақыйқатында қарақалпақ тилинде туңғыш сабақлықлардың қандай қыйыншылықлар менен жазылғанын, биринши китаплар менен газеталардың қалай басып шығарылғанын төмендеги архив документлери тийкарында анық  билиўимизге болады.

РКП (б) Қарақалпақстан автономиялы областы Шөлкемлестириў бюросы 1924-жылы 18-декабрьдеги мәжилисинде  баспасөз ҳаққында арнаўлы мәселени додалап, онда төмендеги қарар қабыл алынды׃

«1. Ревком председатели Ә.Қудабаев өз жумысына қоса «Еркин қарақалпақ» газетасының жуўаплы редакторы етип тайынлансын, ал Ағайдаров Хожели халық ағартыў шақабындағы жумыстан босатылып, редактордың орынбасары етип белгиленсин.

  1. Хожели округи бойынша Билимлендириў халық комиссариатының инспекторы Ағайдаровтың орнына жолдас Мәжийтов Сейфулғабит тайынлансын». (2. ҚҚАССР ОМА, ф. 13 оп, 2, е.х, 38, 207-бет.).

Қарақалпақстан областьлық партия комитети өз жумысын баспасөз ҳәм билимлендириў мәселесинен баслаўы, әлбетте, тосыннан емес. А.Досназаров, Қ.Әўезов, Ә.Қудабаев, К.Садуллав усаған атақлы мәмлекетлик ғайраткерлер өзлериниң тийкарғы ўазыйпасына қоса газетаның айырым санларын жәмийетлик басламада редакторлады, ал оларды оқыўшыларға жеткериў жумысына Қарақалпақстан областьлық атқарыў комитети тиккелей басшылық етти. Пикиримиз исенимли болыўы ушын 1925-жылы 29-мартта Төрткүлден Қоңырат қаласын жоллаған телеграмманы оқыйық׃

«Усының менен Сизлерге мусылман тилиндеги «Еркин қарақалпақ» газетасының 30 данасын жиберип атырмыз. Округлик атқарыў комитетине 5 нусқасын қалдырып, басқаларын барлық болыслар ақсақалларға таратыўыңызды буйырамыз». (1. ҚҚАССР ОМА, ф. оп 2, е. х. 60., 15-бет)

Бул дәўирдеги Қоңырат округи алты болыстан ибарат болып, олардың ҳәр биринде  4-5 аўыл кеңес бар еди. Демек, бул ҳәрбир аўылға газетадан зорға туўры келеди, деген сөз. Буған қосымша газетаның тилинде қарақалпақ мийнеткешлерине түсиниксиз сөз дизбеклери көбирек орын алды. Бундай қәте-кемшиликлер әсиресе жуўаплы редактор Байменше улы болған санларға характерли болып келеди «Еркин қарақалпақ»,  1925-жыл №14, 15 ҳәм басқа да санларын қараңыз. Атақлы қарақалпақ жазыўшысы ҳәм илимпазы Н.Дәўқараев бул туўралы былай деген еди: «1917-жыл менен 1925-жыллар арасында әдебиятымыз ҳәм тилимиз күшли пәт пенен өсе алмады. Кеңсе иси тиллеринде басқа тилердиң тәсириниң күшли болғанлығы белгили». (2. Қызыл Қарақалпақстан, 1935. 4-июль №149 (1100).

Қарақалпақ халқының әдебий тилин қәлиплестириў, миллий баспасөзин раўажландырыў ушын ел арасынан айрықша тәбийий талантқа, журналистлик уқыпқа ийе адамларды излеп табыў ҳәм оларды қарақалпақ тилинде сабақлықлар дүзиў және газета-китап басып шығарыў жумысына тартыў керек болды. Жүз мыңлаған қарақалпақ мийнеткешлериниң «усындай үлкен жумысларды ислей алады-аў» деп үмит етип, исенген адамы шайыр Сейфулғабит Мәжитов болды. Автономиялы областымыздың басшылары халықтың бул тилегин есапқа алып, оның кандидатурасын қарақалпақ тилинде дүзилетуғын сабақлықлардың авторларының дизимине киргизди. Ҳақыйқатында да С.Мәжийтов конкурсқа қатнасқан Әсен дилмаш Айтымбетовқа қарағанда илимий-педагогикалық  көз қараслары, жазыўшылық шеберлиги бойынша көп артықмашлықларға ийе болып, қарақалпақ тилиндеги туңғыш сабақлықлардың авторы болыў ҳуқықын жеңип алды.

Ташкенттеги қырғыз халық ағартыў институтында ислейтуғын революциядан бурын қарақалпақ аўызеки әдебиятының нусқаларын жыйнап изертлеген белгили фольклорист Ә.А.Диваев ҳәм жас қазақ алым-жазыўшысы М.Әўезов, С.Мәжийтовқа өзлериниң пайдалы мәсләҳәтлерин береди. Сондай-ақ ол рус, өзбек, татар ағартыўшыларының өз ана тиллеринде оқыў қуралларын дүзиў тәжирийбесин пухта үйренди ҳәм Қоңыратқа қайтып келип, «Қарақалпақ тилинде әлипбе», «Әлипбеден соң оқыйтуғын қарақалпақ тилинде оқыў китабы», «Егеделер саўаты» атлы туңғыш сабақлықларды жазыўға шынтлап кириседи.

Қарақалпақстан автономиялы областы қуралған ўақытта С.Мәжийтов бирден-бир илимий хызметкер болып, ол оқыў қуралларын жазыў ҳәм басып шығарыў  жумыслары менен қоса орайлық баспа, почта, телеграф ҳәм басқа да мәкемелер менен Қарақалпақстан автономиялы областының халық билимлендириў  бөлиминиң атынан келисим дүзиў ислерин алып баратуғын ўәкилликке ийе болды. Булардың ҳәммеси ҳәр кимниң қолынан келе бермейтуғын қыйын ўазыйпалар еди. Ўақыттың күтә тарлығына, жол азабына, илимий-творчестволық жумыс пенен шығылланыў ушын қолайлы шараяттың жетисе бермеўине қарамастан, С.Мәжийтов атап өтилген хызметлердиң ҳәммесин өз мүддетинде жоқары сапада атқарып, Қарақалпақстан мийнеткешлериниң есап-сансыз  алғысына ийе болды.

С.Мәжийтов ОблОНО да илимий хызметкер болып ислейди, муғаллимлерди қайта таярлаў курсларында қарақалпақ тилинен сабақ береди. Мектеплер менен орта арнаўлы оқыў орынларында қарақалпақ тили ҳәм әдебиятын өз алдына айырым пән сыпатында оқытыўда да С.Мәжийтовтың қосқан үлеси үлкен болды.

С.Мәжийтов оқыўшылардың жас өзгешеликлерин есапқа алып, баслаўыш мектептиң 1-класы ушын «Қарақалпақ тилинде әлипбе», саўатсызлықты сапластырыў курслары ушын «Егеделер саўаты» атлы сабақлықларды дүзди.

Ҳақыйқатында да С.Мәжийтовтың «Қарақалпақ тилинде әлипбе», «Егеделер саўаты», «Оқыў китабы», «Қарақалпақ әдебиятының жыйынтығы» атлы төрт сабақлығы  1925-1929-жылларда мектеплерде ҳәм саўатсызлықты сапластырыў курсларында оқытылды.

С.Мәжийтовтың ең жақсы шығармалары мектеплер менен арнаўлы  орта ҳәм жоқары оқыў орынларының прогаммаларына қайтадан енгизилип, 60-жыллардан бери оқытылып киятыр. 1965-жылы шайырдың қосықлары менен «Бағдагүл» драмасы, 1970-жылы гүрриңлери өз алдына айырым китап болып басылып шықты.

С.Мәжийтов өзиниң илимий-творчестволық жумысларына қоса жәмийетлик басламада «Еркин қарақалпақ» газетасының жуўаплы секретары ўазыйпасын бирге алып барды ҳәм миллий баспасөзимиздиң қәлиплесиўинде салмақлы үлесин  қосты. Ол «Бағдагүл», «Ерназар алакөз», «Соңғы селтең», «Жигит болдық», «Сабақ» ҳәм басқа да пьесалар менен бирге «Сүйин ҳәм Сара»,  «Қулмурат», «Он тоғыз» атлы романларды дөретип қарақалпақ  әдебиятында жаңа жанрлар болған – драматургия ҳәм проза жанрларының қәлиплесиўинде ҳәм алға раўажланыўына шешиўши тәсир жасады.

Усының менен бирге С.Мәжийтов жас жазыўшыларға, ҳәўескер артислерге аталық мәсләҳәтлерин берип, устазлық роль атқарды. Сол себепли 20-жыллардың ақыры ҳәм 30-жыллардың биринши ярымында қарақалпақ совет әдебияты ҳәм искусствосына келип қосылған ғайраткерлердиң көпшилиги атақлы ағартыўшы-алым, шайыр ҳәм драматург С.Мәжийтовты өзлериниң ҳүрметли устазы, деп есаплайды.

30-жыллардағы айырым критикалық мақалаларда С.Мәжийтовтың «буржуазияшыл-миллетшил шайыр» сыпатында наҳақтан айыпланыўы ҳәм  1937-жылы гүзде репрессияға ушыраўына байланыслы оның көп ғана шығармалары жоқ етилген болса, айырымлары бир-қанша себеплер менен басқа авторлардың атына өтип кетти. Мәселен, биз шайырдың баласы Рахим Мәжийтов пенен гүрриңлескенде, ол «Тазагүл» (дәслепки варианты «Қара жүреклер») пьесасы туўралы мынадай пикирди айтқан еди׃

– Бул әкемниң жазған шығармасы еди. Оның қолжазбасы жойылды. Сол себепли мен оны қайтадан жазып шықтым. Солай етип «Тазагүл» пьесасы мениң атымда қалды. Ал оның мағанасын (идеясын – Б. Қ), мазмунын дүзген әкем еди.

Үлкен жастағы адамлардың айтыўына қарағанда, 30-жыллардың басларында С.Мәжийтов пенен О.Ермановларға  «Англияның разведчиклери» деп айып тағылған. Сол ўақытта С.Мәжийтов׃ «Мен енди өз атымнан шығармамды бастыра алмайтуғын  болдым», – деп қорқып, гейпара қолжазбаларын күйеў баласы Қ.Ермановқа берип жибереди. Биз бундай мағлыўматларда жан бар, дап ойлайман. Себеби Қарабайдың өзи қосықларын «Мәжийт улынан усы қосық дурыслап алынды» – деп ескертиў жасаса, басқа қосықлары туўралы «булар да Мәжийт улынан өзгертилип алынды» деп түсиник береди. (1.Ерман улы Қ.Қосықлар жыйнағы. Москва, 1934-жыл,  40-41, 42-43, 53-54-бетлер.)

Бул мысаллар улы Рахимниң белгили журналист ҳәм драматург, күйеў баласы Қарабай Ермановтың шайыр ҳәм прозаик болып өсип жетилисиўинде олардың атасы Сейфулғабит Мәжийтовтың устазлық роли болғанлығын тастыйықлайды.

Қарақалпақстан Хабар агентлиги.