Усы жылы 23-28-октябрь күнлери Өзбекистан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, диний шөлкемлер, «Мәҳәлле» фонды, Жаслар аўқамының басламасы менен елимиз бойлап «Фертиль жасындағы ҳаяллар ҳәм балалар менен жас өспирим қызларды саўалландырыў» атамасында саўалландырыў ҳәптелиги болып өтти.

Республикамызда өткерилген илажларда Нөкис қаласындағы 5 тараў қәнигелери: Республикалық АИЖС ке қарсы гүресиў орайы, Республикалық Ана ҳәм бала скрининг орайы, 1-санлы Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў диспансери, Республикалық Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси ҳәм Жәмийет саламатлығы ҳәм денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў илим изертлеў институты Қарақалпақстан Республикалық аймақлық бөлимшеси қәнигелери қатнасты.

Илажлар пайтахтымыздағы 8, 23, 30, 42-санлы мәкан пуқаралар жыйынларында, жоқары оқыў орынларында, улыўма билим бериў мектеплеринде, колледжлер менен академиялық лицейлерде болып өтти.

Илажларда қәнигелер шаңарақлардағы саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, репродуктив саламатлық, ерте турмыс қурыўдың ҳәм туўысқанлар арасындағы некениң алдын алыў, АИЖС, туберкулёз, қутырыў, ботулизм, вируслы гепатит ҳәм грипп сыяқлы кеселликлер бойынша түсиниклер берип, олардың алдын алыў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.