Елбасшымыздың тиккелей басламасы менен туризм тараўын раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Биз, бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы  баслығы Байрам Қусекеев пенен сәўбетлестик.

– 2019-жылда туризм тараўын раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар  ҳаққында толық мағлыўмат берип өтсеңиз?

– Быйылғы жылда туризм потенциалы ҳәм инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде қуны 75,515 млрд сумлық, соның ишинде,  36,06 млрд сум баслама көтериўшилердиң қаржылары, 41,755 млрд сум банк кредитлери есабынан  26 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта. 130 жаңа жумыс орынларын жаратыў режелестирилмекте. Транспорт инфраструктурасы тараўын раўажландырыў ушын 4 млрд сум қаржылар өзлестириў есабынан заманагөй туризм  категориясына  2 автобус,  2 микроавтобус ҳәм  4 жол таңламайтуғын (Toyota Land Cruiser) транспортларын сатып алыў нәзерде тутылмақта.  Өнерментшилик орайлары, саўда шақапшалары, естелик саўғалары ҳәм сувенир өнимлерин ислеп шығарыў және сатыўды шөлкемлестириў бойынша объектлер қурыў ҳәм олардың жумысын жолға қойыў, экологиялық туризм тараўында сырт ел грантларын тартқан ҳалда Судочье көли ҳәм төменги Әмиўдәрья биосфера резерваты аймақларында туристлик инфраструктураны жаратыў, этнографиялық туризмде Шымбай районының туристлик потенциалын үйрениў, жаңа туристлик объектлерди жаратыў және келешекте халықаралық ҳәм ишки туристлик маршрутларына киргизиў күтилмекте. Сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт елли саяхатшыларға көрсетилип атырған хызметлер сапасын арттырыў мақсетинде аўдармашылар, мийманхана, ресторан хызметкерлери ҳәм туристлерге хызмет көрсетиўши басқа да кадрларды турақлы түрде арнаўлы оқыў курсларында ҳәм мастер-класслар шөлкемлестирген ҳалда шеберлигин арттырыў және «Welcome to Karakalpakstan» видеоролигин таярлап, ғалаба үгит-нәсиятлаў сыяқлы ўазыйпалар белгиленип алынды.

– Республикамызда неше мәдений-мийрас ҳәм зыярат етиў объектлери хатлаўдан өткерилген ҳәм бул жерлерге  қайсы мәмлекеттиң саяхатшылары көп келмекте?

– Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2016-жыл 31-декабрьдеги 407-санлы қарарына муўапық жәми  196  мәдений-мийрас ҳәм зыярат етиў объектлери хатлаўдан өткерилген болып, солардан  131 и археологиялық,  25 и архитектуралық объектлер ҳәм 40ы итибарға ылайықлы орынлар  болып есапланады. Сондай-ақ, республикамызда 29  мийманхана, 4 қара үйлерден қурылған кемпинглер ҳәм 4 мийман үйлери жумыс алып бармақта.

Бүгинги күнде елимизде тарийхый-мәдений, зыярат, экологиялық, археологиялық туризм бағдарлары бойынша саяхатшылар келип тамаша етпекте.

2018-жылдың январь-декабрь айларында Қарақалпақстанға жәми  43 мың 475 турист келген болып, соннан 15 мың 274 сырт елли ҳәм  28 мың 204 жергиликли саяхатшылар келген. Сырт елли саяхатшылардың саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда  (8246) 85 процентке артқан.

Республикамызға келген саяхатшылардың тийкарғы бөлеги Франция (1510), АҚШ (1304), Италия (1289), Россия (1019), Германия (928), Қубла Корея (886), Уллы Британия (843), Қытай (840) ҳәм  Япония (661) мәмлекетлерине туўра келеди.

– Қарақалпақстан Республикасында туризм инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

-Өткен жылдың январь-декабрь айларында 9 жайластырыў қураллары иске түсирилди (153 бөлме 328 орынлық),  8 түроператорлық  субъектлер шөлкемлестирилди. Туристлерге хызмет көрсетиў ушын 6 жол таңламайтуғын автотранспорт қураллары алып келинди. 5 ресторан ҳәм улыўма аўқатланыў объектлери қурылды. Нөкис халықаралық аэропорты, Нөкис темир жол вокзалы, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде бийпул WI-FI зоналары орнатылды.

Елимизге келип атырған туристлерге және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде 5 миллий ҳәм сырт ел валюталарында ақша алмастырыў шақапшалары (банкоматлар) орнатылды ҳәм оларда Visa Card, Master Card  ҳәм басқа да халықаралық төлем қурылларынан пайдаланыў имканияты жаратылды.

Саяхатшылардың пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда  Нөкис қаласының туристлик картасы ислеп шығылды ҳәм туристлик мәлимлеме орайы арқалы бийпул  тарқатылыў жолға қойылды.

Туристлик потенциалды кеңнен реклама етиў мақсетинде 27 сырт ел ғалаба хабар қураллары тартылып, үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды. Республикамыз аймағында  туристлик потенциалды  үгит-нәсиятлаўшы 56 түрдеги үгит-нәсиятлаў реклама баннерлери орнатылды.

Сондай-ақ, Нөкис халықаралық аэропортында ҳәм Нөкис темир жол вокзалында туристлик мәлимлеме орайлары шөлкемлестирилип, саяхатшыларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын ҳәм көлемин кеңейтиў мақсетинде саяхатшылар ушын арнаўлы сим карталар сатыў, туристлик буклет, флаер ҳәм китапшалар ислеп шығарылып тарқатыў хызмети жолға қойылған.

Саяхатшылардың ўақтын мазмунлы өткериў ҳәм көбирек қалыўын тәмийинлеў бойынша   6 мәдений-кеўил ашар, спорт, көргизбе ҳәм басқа да ғалабалық илажлар өткерилди.

Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет.

Сәўбетлескен: Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалапақстан хабар агентлигиниң хабаршысы