Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен Арал бойы аймақларында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў мақсетинде бир қатар илажлар алып барылмақта.

Әсиресе, бүгинги күндеги пүткил елимиздиң итибарында болып турған Арал машқаласының ақыбетлерин сапластырыў, экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде оның қурыған ултанына сексеўил егиў жумыслары барысында олар тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар үлкен әҳмийетке ийе.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-декабрьдеги 4066-cанлы қарары тийкарында республикамыздағы қала ҳәм районлардың Тоғай хожалықлары, Абаданластырыў басқармаларының хызметкерлери ҳәм жергиликли халықтың қатнасында сексеўил туқымын жыйнаў бойынша жумыслар алып барылмақта,-дейди басқарманың Мәлимлеме-таллаў хызметиниң баслығы С.Утемуратов. – Ҳәзирги ўақытта районның Тоғай хожалығы бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген нәл жетистириў майданларында сексеўил туқымын егиў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Бүгинги күндеги тийкарғы итибар усы жумысларға тартылған қарық жаратуғын техникалардың жәрдеминде сексеўил егиў ушын қарықлар жарыў, қамыслардан ибарат самалдан қорғаныў ушын арналған қурылмалар системасын шөлкемлестириў, арнаўлы техника жәрдеминде сексеўил егиў жумысларына қаратылмақта.

Ҳәзирги ўақытта сексеўил егиў ушын жәми 223668 гектар жер таярланды, соннан 53205 гектарына 232665 килограмм сексеўил туқымы егилди. Соннан, усы жумысларға тартылған АН-2 самолёты жәрдеминде 17130 гектар жерге 52290 килограмм сексеўил туқымы себилди.

Сондай-ақ, усы күнге шекем, жәми 622500 килограмм сексеўил туқымы таярланды.

Соннан жергиликли халық тәрепинен 70349 килограмм сексеўил туқымы жыйналып, олардың мийнет ҳақылары ўақтында төленип келинбекте. Усы күнге шекем олардың мийнет ҳақылары ушын 975 миллион сум төленген.

Бул жумысларда республикамыздың басқа районларының, сондай-ақ, қоңсылас Наўайы, Бухара, Қашқадәрья  ўәлаятларының да қосып атырған  үлеси салмақлы болмақта.

Арал бойы аймағында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Мойнақ ҳәм Қараөзек районлары аймақларында сексеўил туқымын жыйнаў, нәл ҳәм туқым егиў жумысларына ўәлаятлар, қала ҳәм районлардың Тоғай хожалықлары, Абаданластырыў басқармаларынан келген хызметкерлерге ыссы кийим-кеншек, палаткалар ҳәм вагонлардан дем алыў орынлары ажыратылған болып, үш мезгил ыссы аўқат  пенен тәмийинленген.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.