Қарақалпақстан Республикасы судлары қурамына төмендегише өзгерислер киргизилди:

З.Якубов – Жынаят ислери бойынша Беруний районлық судының баслығы лаўазымына;

А.Салиев – Нөкис қалалық ҳәкимшилик суды баслығы лаўазымына;

М.Бекимбетов – Тахтакөпир районлық ҳәкимшилик суды баслығы лаўазымына;

З.Байымбетова – Мойнақ районлық ҳәкимшилик суды баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққда Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды ҳуқықый мәлимлеме каналы хабар берди.

2019-жыл 14-январь күни Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды Президиум мәжилислер залында олардың өз лаўазымларын атқарыўға кирисиўинен алдынғы ант бериў кешеси болып өтти. Яғный, судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған судьялар өзине жүклетилген ўазыйпаларды ҳадал ҳәм ҳүждан менен орынлаўға, әдил судлаўды тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырыўға, судьялық миннетлемеси ҳәм ҳүжданы буйырғанындай бийғәрез, қалыс ҳәм әдил болыўға салтанатлы түрде ант етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги