Ҳүрметли сенатор ҳәм депутатлар!

Қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли мийманлар!

2019-жылда мәмлекетимизди раўажландырыўдың ең әҳмийетли тийкарғы ўазыйпалары ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Парламентке Мүрәжатын баян етиўге рухсат еткейсиз.

Бүгин биз тез пәт пенен өзгерип баратырған заманда жасап атырмыз. Дүнья көлеминде мәплер гүреси, бәсекилик барған сайын ҳәўиж алып, халықаралық жағдай кескинлесип бармақта.

Биз келеси жыл ушын әмелий режелер дүзер екенбиз, халықаралық майдандағы мине усындай қурамалы жағдайды есапқа алған ҳалда, раўажланыўымыздың тийкарғы бағдарларын ашық-айдын белгилеп алыўымыз зәрүр.

Әзиз дослар!

Биз ҳәр бир жылға жақсы нийет пенен атама беремиз ҳәм өз алдымызға үлкен шеклерди қоямыз.

Уллы Имам Бухарий ҳәзиретлериниң «Ал-Жомиъ ас-Саҳиҳ» китабы «Барлық жақсы әмеллер нийетке байланыслы, ҳәр бир адамға тек нийет еткен нәрсеси бериледи» деген ҳәдис пенен басланыўында әлбетте, жүдә терең мәни бар.

Биз 2018-жылға «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» деп атама берип, Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде 21 триллион сум ҳәм 1 миллиард долларға тең 76 мың жойбарды әмелге  асырғанымыз өткен жылы жақсы нийет пенен баслаған жумысларымыздың нәтийжесин көрсетип тур.

Санаат, аўыл хожалығы, капитал қурылыс, транспорт-коммуникация, сервис ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында салмақлы табыслар қолға киргизилди.

Әсиресе, ҳәр қашанғыдан да аўыр болған быйылғы мәўсимде тәжирийбели дийқан ҳәм фермерлеримиздиң пидәкерлик пенен мийнет еткенин айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Халықтың абаданлығын арттырыў мақсетинде быйылғы жылда мийнет ҳақы, пенсия, стипендия ҳәм социаллық напақалардың муғдары өткен жылларға салыстырғанда сезилерли рәўиште арттырылды. Соның ишинде, педагог хызметкерлердиң мийнет ҳақысы соңғы 10 жылда биринши мәрте 50 процентке шекем көбейтилди.

Көрилген ис-илажлар нәтийжесинде, халықтың реал улыўма дәраматлары 2017-жылға салыстырғанда 12 процентке артты.

«Ҳәр бир шаңарақ ­ исбилермен», «Жаслар ­ келешегимиз» сыяқлы бағдарламалар шеңберинде 2 триллион сумға шамалас қаржы ажыратылып, орынларда 2 мың 600 ден аслам бизнес жойбарлары әмелге асырылды.

Быйылдан баслап, салықлардың прогноздан арттырып орынланған бөлеги есабынан аймақларда 5,5 триллион сум қосымша қаржы қалдырылды.

Бул, өткен жылға салыстырғанда 6 есе, 2016-жылға салыстырғанда болса ­ усыған итибар бериўиңизди сорайман ­ 32 есе көп.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Жуўмақланып атырған жыл бәршемиз ушын муқаддес Ўатан тымсалы болған аўылларымыз, мәҳәллелеримизди абат етиў бойынша үлкен жумыслар басланған жыл болды.

Атап айтқанда, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары халқымыз тәрепинен үлкен қанаатланыўшылық пенен күтип алынды. Быйылғы жылы бул бағдардағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына 3 триллион сум қаржы жумсалды.

Нәтийжеде 416 аўыл жаңа келбетке ийе болды.

Өтип баратырған жылда турмысымыздың барлық тараўларында, атап айтқанда, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем-өнер, спорт тараўларын раўажландырыў жолында да әҳмийетли қәдемлер тасланды. Әсиресе, елимиз жаслары Индонезияда болып өткен Азия ҳәм Пара-азия ойынларында, Аргентинада өткерилген жас өспиримлер Олимпиадасында жоқары орынларды алғаны бәршемизди қуўандырды.

Ҳүрметли парламент ағзалары!

Халықаралық қатнасықларда ашық ҳәм әмелий, белсенди сыртқы сиясат алып барылып атырғаны себепли исенимли шерик сыпатында мәмлекетимиздиң халықаралық абырайы барған сайын артпақта.

Барлық қоңсыларымыз бенен дослық ҳәм өз-ара исеним руўхындағы қатнасықларды буннан былай да беккемлеў бизиң тийкарғы ўазыйпаларымыздан бирине айланды.

2018-жылы 18 мәмлекетлер аралық рәсмий сапарлар әмелге асырылды ҳәм 52 миллиард долларлық 1 мың 80 жойбар бойынша келисимлерге ерисилди.

Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Ислам ҳәм Азия раўажланыў банклери, басқа да халықаралық финанс институтлары менен биргеликтеги инвестициялардың көлеми 8,5 миллиард долларды қурады.

Бүгинги күнде елимизде, сырт ел инвестициялары есабынан қуны 23 миллиард долларлық 456 жойбар әмелге асырылмақта.

Халықаралық ҳәм регионаллық қәўипсизликке қәўиплер кем-кемнен күшейип баратырғанын есапқа алып, биз жаңа Қорғаныў доктринасын қабыл еттик.

Қураллы Күшлер қурамындағы барлық әскер түрлериниң дүзилме ҳәм ўазыйпалары қайта көрип шығылды.

Армия ҳәм халық бирлигин тәмийинлеў мақсетинде, барлық аймақларда әскерий-ҳәкимшилик секторлар шөлкемлестирилди.

Әлбетте, жыл даўамында әмелге асырған жумысларымыздың дизимин узақ даўам еттириў мүмкин. Лекин, бундай мысалларды келтириў, атап өтиўден мақсет ­ көкирекке урып мақтаныў емес. Биз буннан пүткиллей жырақпыз. Бизиң мақсетимиз ­ өткен бир жыллық раўажланыў жолымызды қалыс ҳәм сын көзқарастан баҳалаўдан ибарат.

Пурсаттан пайдаланып, реформаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап киятырған, барлық қыйыншылық ҳәм сынақларды мәрдана жеңип, өзиниң пидәкерлик мийнети менен әзиз Ўатанымыздың раўажланыўына үлкен үлес қосып атырған жоқары мәртебели халқымызға шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Және санаўлы күнлерден кейин елимизге жаңа ­ 2019-жыл кирип келеди. Жаңа жыл алдында дәстүримизге бола 2019-жылға қандай атама бериў ҳаққында бүгин сизлер менен мәсләҳәтлесип, бир қарарға келсек, әйне дурыс болады.

Әлбетте, биз бул ҳаққында көп ойладық. Орынларда халық пенен пикирлесиўлер даўамында ҳәм мүрәжатларда билдирилген пикирлер, усынысларды ҳәр тәреплеме көрип шықтық.

Дүнья тәжирийбеси соны көрсетеди, қайсы мәмлекет жедел инвестиция сиясатын жүргизген болса, өз экономикасының турақлы өсиўине ерискен. Сол себепли де инвестиция ­ бул экономиканың драйвери, өзбекше айтқанда, экономиканың жүреги, десек, асыра айтқан болмайды.

Инвестиция менен бирге түрли тараў ҳәм тармақларға, аймақларға жаңа технологиялар, алдынғы тәжирийбелер, жоқары маманлықтағы қәнигелер кирип келеди, исбилерменлик жедел раўажланады.

Усы жерде бир сораў туўылады: инвестиция деймиз, реформалар деймиз, модернизация, деймиз.

Лекин, бул өзгерислерден гөзленген тийкарғы мақсет не өзи?

Елимизде жасап атырған ҳәр бир инсан миллети, тили ҳәм динине қарамастан, еркин, тыныш ҳәм тоқшылықта өмир сүриўи, бүгин турмыстан разы болып жасаўы ­ бизиң бас мақсетимиз болып табылады.

Бул бағдарда алдымызда үлкен ўазыйпалар тур. Мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығы биринши гезекте социаллық тараўдағы реформаларымыздың нәтийжеси менен тығыз байланыслы.

Жасларымызға мүнәсип билим бериў, олардың илимге болған умтылысларын жүзеге шығарыўымыз керек. Усы мақсетте, мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыўымыз, орта ҳәм жоқары оқыў орынларының материаллық-техникалық базасын, илимий ҳәм оқыў процесслериниң сапасын түп-тийкарынан жақсылаўымыз керек.

Халқымыздың денсаўлығын беккемлеў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, биз ушын турмыслық әҳмийетке ийе мәселе. Тәкирарлап айтаман, тынышлық ҳәм саламатлықты тәмийинлесек, қалған ҳәмме нәрсеге ерисемиз.

Майыплығы болған шахслар, бағыўшысынан айырылғанлар, жалғыз кекселер, улыўма, жәрдемге мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаў, әлбетте, тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.

Келеси жылда исбилерменлик, бизнес ушын және де қолайлы орталық жаратыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, халықтың дәраматларын көбейтиў, пенсия тәмийнатын жақсылаў бойынша да көп жумыслар ислеўимиз лазым.

Усылардың барлығын есапқа алып, 2018-жылы баслаған жумысларымызды логикалық даўам еттириў ҳәм жоқары басқышқа көтериў мақсетинде, мен кирип киятырған жаңа ­ 2019-жылға «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» деп атама бериўди усыныс етемен.

Әзиз дослар!

Жылға бундай атама бергенимиз бәршемизге жүдә үлкен ўазыйпалар ҳәм жуўапкершилик жүклейди. Инвестицияларды қалай етип көбейтемиз, социаллық машқалаларды қәйтип шешемиз, деген сораўлар алдымызда көлденең болып тур.

Телевидение арқалы бизди көрип атырған халқымыз мине усы сораўларға бизден жуўап күтиўге толық ҳақылы.

Бул ўазыйпаларды шешиўге бүгиннен баслап кириспесек, бар күш ҳәм имканиятларымызды усыған жумсамасақ, гөзлеген мақсетке, шекке ерисиў қыйын болады.

Ҳәр бир басшы ­ ол министр яки орайлық уйымның баслығы бола ма, депутат яки сенатор бола ма, компания яки хожалық бирлеспесиниң баслығы, ўәлаят яки район ҳәкими бола ма ­ бәрше-бәршемиз бул исти ең биринши ўазыйпамыз, деп билиўимиз зәрүр.

Биз тек инвестицияларды жедел тартыў, жаңа өндирис қуўатлылықларын иске түсириў есабынан экономикамызды жедел раўажландырыўға ерисемиз.

Экономикадағы унамлы нәтийжелер болса социаллық тараўда топланып қалған машқалаларды системалы шешиў имканиятын жаратады.

Буны ҳәммемиз терең түсинип алыўымыз ҳәм жумысымызды усы тийкарда шөлкемлестириўимиз шәрт.

Қәдирли ўатанласлар!

Экономика тараўында алдымызда турған ўазыйпалар ҳаққында айтқанда, бәринен бурын кең қамтылған экономикалық реформалар негизинде төмендеги мақсетлер жәмленгенин атап өтиў лазым:

– ашық экономика, саламат бәсекилик, исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын түп-тийкарынан жақсылаў ушын зәрүр шараятларды жаратыў;

– экономикада мәмлекеттиң қатнасыўын азайтыў, жеке секторды жедел раўажландырыў арқалы жаңа жумыс орынларын көбейтиў;

– экономиканы модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, мийнет нәтийжелилигин арттырыў арқалы жоқары экономикалық өсиўди тәмийинлеў;

– «жасырын» экономикаға қарсы гүресиў, оның көлемин кескин қысқартыў;

– валютаны еркинлестириў сиясатын избе-из даўам еттириў, турақлы монетар сиясатты әмелге асырыў;

– экономиканы раўажландырыўға байланыслы стратегиялық ўазыйпаларды жүзеге шығарыўға уқыплы маман кадрларды таярлаў.

Бул мақсетлерге ерисиў ушын төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў талап етиледи.

Бириншиден, биз макроэкономикалық турақлылықты ҳәм жоқары экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеўимиз шәрт.

Бәринен бурын, инфляцияны жылаўламай турып, макроэкономикалық турақлылыққа ерисиў мүмкин емес.

Жәҳән тәжирийбесин пуқта үйренип, халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, монетар сиясатты жетилистириў ҳәм баҳаның турақлылығын тәмийинлеў концепциясын ислеп шығыўымыз зәрүр.

Өтиў дәўиринде экономика тараўында статистикалық есабатларды дурыс жүргизиў ҳәм мәмлекеттиң экономикалық потенциалын анық баҳалаў жүдә әҳмийетли.

Бул арқалы жалпы ишки өнимди қалыс баҳалаўға ерисиў мүмкин.

Усы мақсетте, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм Халықаралық валюта фондының Миллий есаплар системасын республикамизда 2020-жыл 1-январьдан баслап толық енгизиўимиз лазым.

Экономиканың турақлы өсиўи, биринши гезекте, жетекши тараўлардың раўажланыўына тиккелей байланыслы.

Қайсы тараўда жоқары қунға ийе өним жаратылса, биз мине усы тараўды биринши гезекте қоллап-қуўатлаймыз.

Соның ушын экономиканың раўажланыўына айрықша түртки беретуғын тараўларды раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўымыз лазым.

Министрлер Кабинети мәмлекетти 2030-жылға шекем социаллық-экономикалық жақтан комплексли раўажландырыў концепциясын ислеп шығып, халықаралық экспертлердиң қатнасыўында додалаўды келеси жыл 1-апрельге шекем жуўмақласын.

Бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў системасын және де жетилистириў зәрүр.

Бюджет есабынан қаржы ажыратылатуғын ҳәр қандай бағдарлама яки жойбардың сапа ҳәм муғдар көрсеткишлеринен ибарат, нәтийжеге бағдарланған индикаторлары болыўы керек.

Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте бул ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша усыныс киргизиў тапсырылады.

Келеси жыл ушын Мәмлекетлик бюджет дефицити 4,5 триллион сум әтирапында болыўы ҳәм жалпы ишки өнимге салыстырғанда 1,1 процент болыўы режелестирилмекте.

Министрлер Кабинети ҳәм Есап палатасы ҳәзирден баслап қосымша имканият ҳәм дереклер есабынан бюджет дәраматларын көбейтиў, бул арқалы күтилип атырған дефицитти кемейтиў бойынша анық илажлар көрсин.

Сондай-ақ, бир ай мүддетте сыртқы базардағы өзгерислердиң экономикамызға унамсыз тәсирин азайтыў бойынша «жол картасын» ислеп шығыў лазым.

Экономиканың барлық тараўларын санлы технологиялар тийкарында жаңалаўды нәзерде тутатуғын Санлы экономика миллий концепциясын ислеп шығыўымыз керек. Усы тийкарда «Санлы Өзбекстан-2030» бағдарламасын турмысқа енгизиўимиз зәрүр.

Санлы экономика жалпы ишки өнимди кеминде 30 процентке арттырыў, коррупцияны кескин азайтыў имканиятын береди. Абырайлы халықаралық шөлкемлер өткерген таллаўлар да буны тастыйықламақта.

Соның ушын Ҳүкиметке еки ай мүддетте санлы экономикаға өтиў бойынша «жол картасын» ислеп шығыў тапсырылады. Бул бағдарда мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Екиншиден, экономикамыз раўажланыўының әҳмийетли шәрти болған жедел инвестиция сиясатын избе-из даўам еттиремиз.

2019-жылы барлық дереклер есабынан дерлик 138 триллион сумлық яки 2018-жылға салыстырғанда 16 процент көп инвестицияларды өзлестириў мөлшерленбекте.

Бул бағдарда тиккелей сырт ел инвестицияларының муғдары быйылғы жылға салыстырғанда дерлик 1,5 есе арттырылып, 4,2 миллиард долларға жеткериледи. Нәтийжеде 142 заманагөй кәрхана иске түсириледи.

Бүгинги күнде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжеси дүньядағы жетекши халықаралық рейтинг агентликлери тәрепинен тән алынып атырғанын айрықша атап өтиў лазым.

Мәселен, дүньяағы абырайлы “Fitch Ratings”  ҳәм “Standart & Poo’rs”  рейтинг агентликлери биринши мәрте мәмлекетимиздиң халықаралық суверен кредит рейтингин белгиледи.

Әне сол рейтинг баҳалары «Турақлы» прогнозына ийе болып, ол жақын 12-18 ай даўамында бул көрсеткиштиң төменлеў итималы азлығын билдиреди.

Өзбекстан ерисип атырған бундай рейтинг баҳалары көп ғана раўажланып атырған мәмлекетлерге салыстырғанда жоқары екенин атап өтиў лазым.

Бул рейтинг агентликлери Өзбекстанда валюта, саўда ҳәм баҳа сиясатының еркинлескени, мәмлекетлик басқарыўдағы институционал өзгерислер, мәмлекеттиң алтын-валюта ҳәм бюджет резерви жетерли екени, мәмлекет қарызының кемлиги сыяқлы факторларға айрықша итибар қаратпақта.

Келеси жылдың биринши шерегинде елимиз тарийхында туңғыш мәрте Өзбекстанның суверен мәмлекетлик облигацияларын халықаралық финанс базарларына шығарамыз.

Бул бағдарда биз “J.P.Morgan”, “Citibank”, “Deutsche Bank” сыяқлы жетекши халықаралық инвестиция банклери менен бирге ислесип атырмыз.

Сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў ушын мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалын толық көрсетиў илажларын көриўимиз керек.

Биз экономикамызға инвестиция киргизиўге умтылатуғын инвесторлар ушын аймақлар ҳәм тармақлар бойынша инвестициялық жойбарларды пуқта қәлиплестире алсақ, бул мәселеде унамлы нәтийжеге ерисиў мүмкин.

Бул бағдарда еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарында бизнес субъектлерин орналастырыў, оларға жеңиллик ҳәм преференциялар бериўди шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый жақтан тәртипке салыў лазым.

Биринши гезекте, экспортқа өним шығарып атырған, инновациялық ҳәм жоқары технологиялық өндиристи жолға қойған исбилерменлерге ҳәм сырт ел  инвесторларына усындай имканият жаратыў керек.

Усы мақсетте, Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте анық комплексли илажлар ислеп шығыў, соның ишинде, мәмлекетимизди Глобал бәсекиге шыдамлылық рейтингине киргизиў бойынша тийисли жумысларды әмелге асырыў тапсырылады.

Үшиншиден, банк ҳәм финанс системасында реформаларды жедел даўам еттириў, тараўға заманагөй базар механизмлерин кеңнен енгизиў зәрүр.

Бүгинги күнде банк системасындағы ең баслы машқала ­ олардың капиталының тийкарғы бөлеги, яғный, 83 проценти мәмлекетке тийисли екени. Бул, өз гезегинде, банк секторында саламат бәсекиге тосқынлық болып, хызмет көрсетиў сапасына унамсыз тәсир етпекте.

Ҳүкимет ҳәм Орайлық банк халықаралық финанс институтлары жәрдеминде банк-финанс системасын раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегия ислеп шығыўы лазым.

Бунда банк системасына жеке меншик ҳәм сырт ел капиталының кирип келиўи есабынан биз мәмлекет банклери үлесин басқышпа-басқыш азайтып барамыз. Бул болса тараўда бәсекилик орталығын жақсылаўға, коммерциялық банклердиң жумысын, кредитлеў сапасын ҳәм мәдениятын ҳәр тәреплеме арттырыўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, финанс базарлары, соның ишинде, фонд базарын раўажландырыў да жаңа экономикалық шараятта тийкарғы мақсетлеримизден бири болыўы керек.

Жаңа финанс инструментлерин енгизиў ҳәм облигациялар шығарыў арқалы, банк хызметлери көлемин буннан былай да кеңейтиў, алдынғы мәлимлеме технологиялары тийкарында банк системасын раўажландырыў зәрүр.

Инвесторлар мәмлекетимизде өзин имканы болғанынша еркин сезиўи ушын валюта базарын буннан былай да еркинлестириў талап етиледи.

Төртиншиден, пуқараларымыз салықтан қашыў емес, оны ўақтында төлеўден мәпдар болыўы керек.

2019-жылдан баслап енгизилип атырған жаңа салық концепциясының ең тийкарғы идеясы салық жүгин азайтыў, әпиўайы ҳәм турақлы салық системасын қолланыўды нәзерде тутады. Усы арқалы экономикамыздың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, исбилермен ҳәм инвесторлар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы орталық жаратыўға ерисиў мүмкин.

Тилекке қарсы, жалпы ишки өнимде «жасырын» экономиканың үлеси үлкен болып, бул мәмлекеттиң раўажланыўына унамсыз тәсир етпекте.

Салық жүгин азайтыў, бизнес жүргизиў ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў «жасырын» экономикаға шек қойыўдың бирден-бир жолы болып табылады. Соның ушын бул бағдарда тәсиршең илажларды нәзерде тутатуғын айрықша бағдарлама ислеп шығыўымыз зәрүр.

Буннан тысқары, өзимизде ислеп шығарылған ҳәм импорт етилип атырған жоқары ликвидли өнимлер маркировкасын енгизиў бойынша жедел жумыс алып барыў талап етиледи.

Жаңа редакциядағы Салық кодексинде мәмлекетти раўажландырыўдың таянышы инсаплы, ҳадал салық төлеўшилерди хошаметлеў, жасырын жумыс алып баратуғынларды болса жазалаў нәзерде тутылыўы шәрт.

Бизге белгили, салық ставкаларының төменлетилиўи яки айырым салықлардың бийкар етилиўи менен бюджетке түсетуғын қәрежет әлбетте, азаяды.

Буны нәтийжели салық ҳәкимшилиги арқалы сапластырыў ҳәм бюджеттиң турақлылығын тәмийинлеў мүмкин. Әйне усыған ерисиў биринши гезектеги ўазыйпамыз болып табылады.

Салық ҳәкимшилиги сондай болыўы керек, қосымша қун салығы кеңнен енгизилсе де бул жағдай тутыныў товарларының баҳасының өсиўине алып келмеўи шәрт ҳәм зәрүр.

Қаржы министри ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы салық ҳәкимшилигиниң нәтийжелилигин және бюджет ҳәм тутыныў өнимлери баҳасының турақлылығын тәмийинлеўге жеке жуўапкер етип белгиленеди.

Салық жүгин азайтыў есабынан ҳәммеге бирдей әдалатлы салық режимин енгизиў, салық жеңилликлерин басқышпа-басқыш бийкар етиў лазым.

Неге дегенде, берилген жеңиллик бәсеки орталығына унамсыз тәсир етип атырғанын исбилерменлердиң өзлери де атап өтпекте.

Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте мине усы мәселе бойынша «жол картасын» ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылады.

Бесиншиден, исбилерменлик ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслар жедел даўам еттириледи.

Уллы ойшыл Нажмиддин Қубра ҳәзиретлери «Табысты – ис-ҳәрекетте, сәтсизликти болса – бийпәрўалық ҳәм ериншекликте көрдим», деп бийкарға айтпаған.

Шынында да, биз тек жедел исбилерменлик, тынымсыз мийнет ҳәм умтылыў арқалы раўажланыўға, абадан турмысқа ерисе аламыз.

Жәҳән банкиниң бизнес жүргизиў тараўындағы рейтингинде елимиз қурылыс бойынша 134-орынды ийелеген.

Бул болса тараўда көплеген машқалалар бар екенлигинен дәрек береди.

Мысал ушын, қурылыс тараўында рухсат бериўге байланыслы 17 тәртип болып, оларды алыў ушын орташа 246 күн жумсалады. Бул әдилсизлик емес пе?

Министрлер Кабинети тез арада усы тараўға байланыслы нормалар менен қағыйдаларды жетилистириў илажларын көрип шығыўы керек.

Алтыншыдан, экономиканы басқарыўда мәмлекеттиң араласыўын кескин азайтыў зәрүр.

Бүгинги күнде елимизде 603 акционерлик жәмийети жумыс ислеп атырған болса, олардың 486 сында мәмлекеттиң үлеси 52 триллион сумды қурамақта.

Жанылғы-энергетика, нефть-газ, химия, транспорт ҳәм банк тараўларында мәмлекеттиң қатнасы жоқары дәрежеде сақланып қалып атырғаны оларды базар механизмлери тийкарында раўажландырыўға, инвестициялар тартыўға тосқынлық етпекте.

Айырым министрликлер өзи қадағалайтуғын тараўдағы кәрханаларда шөлкемлестириўши екени еркин ҳәм саламат бәсекиге жол бермей атыр, буны да бүгин ашық айтыў керек. Бундай системаны енди өзгертпесек, бул тармақларда да ҳәм улыўма, экономикада турақлы раўажланыўға ерисип болмайды.

Мәмлекетлик активлер тәртипсиз басқарылып атырғаны да нәтийжелиликке унамсыз тәсир етпекте. Мәселен, ҳәзирги ўақытта 972 мәмлекетлик кәрхана активлериниң тек ғана 21 проценти Мәмлекетлик бәсеки комитети тәрепинен, қалған 79 проценти министрлик ҳәм уйымлар және хожалық бирлеспелери тәрепинен басқарылмақта.

Бундай қатнас соңғы 27 жыл даўамында мәмлекетлик кәрханаларды қандай жағдайға алып келгени ҳеш кимге сыр емес. Авиақурылыс санааты сыяқлы пүткил бир тараў жоқ болып кетти.

Бар системаны тәртипке салыў мақсетинде Мәмлекетлик активлерди басқарыў орайының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, оны еркин агентлик етип қайта шөлкемлестириў лазым.

Бул агентлик мәмлекетлик мүлкти басқарыў, мәмлекетлик кәрханаларды реформалаў, акциялар ҳәм облигациялар шығарыў жолы менен оларды финанслық жақтан жетилистириў, меншиклестириў процесслериниң басы-қасында болады.

Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте усы усынысты әмелде енгизиў ўазыйпасы тапсырылады.

Жетиншиден, биз еркин базар принциплерин орнатпақшы екенбиз, экономиканың жетекши тармақларын реформалаў ҳәм раўажландырыў арқалы саламат бәсеки орталығын жаратыўымыз шәрт.

Бул бағдарда биринши қәдем сыпатында «Өзбекэнерго» ҳәм «Өзбекстан ҳаўа жоллары» системасын түп-тийкарынан реформалаў ҳаққында қарарлар қабыл еттик.

«Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы қайта шөлкемлестирилип, пәрўазларды әмелге асырыў, аэропортларды басқарыў ҳәм аэронавигация хызметлери бир-биринен ажыратылды.

Келеси жылы басқа стратегиялық тармақларды да, соның ишинде, «Өзбекнефтьгаз», «Өзхимиясанаат» жәмийетлери, Наўайы кән-металлургия комбинатын басқышпа-басқыш реформалаўды даўам еттиремиз.

Өним ислеп шығарыў көлемин ҳәм оның баҳасын белгилеў әмелиятын пүткиллей қайта көрип шығып, базар принциплерин енгизиў зәрүр.

Министрлер Кабинетине усы мәселелер бойынша еки ай мүддетте Ҳүкимет бағдарламаларын ҳәм «жол карталары»н ислеп шығыў тапсырылады.

Сегизиншиден, экономикамызды жәҳән базарына интеграциялаў ҳәм экспортты қоллап-қуўатлаў тийкарғы ўазыйпа болып табылады.

Келеси жылы экспорт көлемин 30 процентке арттырып, 18 миллиард долларға жеткериўди мақсет етип қоймақтамыз.

Биз экспортқа бағдарланған экономикаға өтиўимиз, ишки базарда бәсеки орталығын қәлиплестириўимиз зәрүр.

Сондай-ақ, транспорт-логистика системасын жетилистириў де ең әҳмийетли мәселе болып табылады. Себеби, теңизге шығыў имканиятымыз шекленгени ушын өнимди экспорт етиўде көплеген қыйыншылықлар пайда болмақта.

Сол себепли, «Өзбекстан Эйрвейс» ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» компаниялары товарларымызды экспорт етиў бойынша заманагөй логистика жөнелислерин жаратыўы зәрүр.

Министрлер Кабинети экспорт жүклерин қоңсы мәмлекетлерден темир жол арқалы жеңиллетилген баҳаларда өткериў бойынша сөйлесиўлер алып барыўы керек. Соның менен бирге, Жәҳән банкиниң «Логистика нәтийжелилиги индекси»ндеги мәмлекетимиздиң орнын жоқары позицияға көтериў илажларын көриў лазым.

Келеси жылы бажыхана тәртиплерин кескин әпиўайыластырыў, бажыхана қадағалаўы пунктлерин ҳәм жүклерди рәсмийлестириў постларын түп-тийкарынан реформалаў зәрүр.

Елимиздиң барлық аймақларында заман талапларына жуўап беретуғын, «бир айна» принципи тийкарында жумыс ислейтуғын бажыхана комплекслерин қурыў керек.

Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте жоқарыда атап өтилген мәселелер бойынша «Жол картасы»н ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылады.

Тоғызыншыдан, аймақларды комплексли раўажландырыў илажларын избе-из даўам еттириў зәрүр.

Экономикадағы системалы өзгерислер нәтийжесинде жалпы ишки өним қурамында санаттың үлеси быйылғы жылда 35 проценттен 37 процентке артыўы күтилмекте. Бирақ, айырым қала ҳәм районларда бул оғада әҳмийетли мәселеге жетерлише итибар берилмей атыр.

Ақыбетинде, республиканың 27 районында санааттың үлеси ўәлаят көрсеткишиниң 1 процентине де жетпейди. Сонлықтан, ҳәр бир район ҳәм қала санаатын раўажландырыў бойынша орта ҳәм узақ мүддетли бағдарламалар ислеп шығыў керек. Бул мәселени, бәринен бурын, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың басшылары айрықша қадағалаўға алыўы керек.

Жаңа жылда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының орынланыўы ушын 4 триллион сумнан зыят қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.

Бүгинги күнде елимиздиң урбанизация дәрежеси 35,5 процентти қурайды ҳәм ҳәзирден баслап зәрүр илажлар көрилмесе, бул көрсеткиш жақын келешекте төменлеўи мүмкин.

Бас министр А.Арипов елимиз халқының урбанизация дәрежесин 2030-жылға шекем 60 процентке жеткериў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығыў ушын жеке жуўапкер етип белгиленеди.

Бул бағдарда тек пайтахт ҳәм ўәлаят орайлары болған қалаларды емес, бәринен бурын, аймақларда жайласқан қала ҳәм посёлкаларды комплексли раўажландырыў дыққат-итибарымыз орайында турыўы керек.

Аўыллық жерлерде үлги турақ жайлар қурыў бағдарламаларынан басқышпа-басқыш қала ҳәм посёлкаларда көп қабатлы жайлар қурыўға өтиўимиз тийис. Инженерлик-коммуникация инфраструктурасы да турақ жайларды қурыў бағдарламалары менен тығыз байланыслы ҳалда раўажланыўы дәркар.

Экономика министрлиги бул жумыслардың басы-қасында болыўы тийис.

Соның менен бирге, бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын арнаўлы қор дүзиледи. Имаратлар ҳәм объектлер жайласқан жер участкаларын меншиклестириўден түскен қаржылар сол қорда жыйналады.

Биз бул жаңа система арқалы аймақларымыздың келбетин және де абат етиўге ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға ерисемиз.

Оныншыдан, аўыл хожалығы тараўын басқарыў системасын реформалаў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бағдарындағы алдынғы технологияларды енгизиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып табылады.

Кейинги жылда кластер усылында пахта жетистириўди кеминде 52 процентке жеткериў ушын 48 пахта-тоқымашылық кластерин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Соның менен бирге, ғәлле ҳәм мийўе-овощ кластерлериниң жумысын ҳәр тәреплеме раўажландырыў керек. Бул тараў биз ушын салыстырмалы түрде жаңа екенин инабатқа алып, оны мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, кредит системасын әпиўайыластырыў, қәрежетлерди субсидиялаў, жер ажыратыўға байланыслы тәртиплерди қайта көрип шығыў талап етиледи.

Туқымгершиликте тийкарғы сортларды жаратыў мақсетинде, тәжирийбе-селекция жумысларын түп-тийкарынан жанландырыў лазым.

Бул ушын туқымгершилик ҳәм селекция менен шуғылланатуғын институтлардың материаллық-техникалық базасын жақсылаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында туқымгершилик кластерлерин шөлкемлестириў талап етиледи.

Аўыл хожалығы егинлери ҳәм шарўашылық бойынша жаңа тармақларды раўажландырыўымыз зәрүр.

Бүгинги күнде фермер хожалықларының жыллық шарўашылық азықлығына болған талабының тек 35 проценти жергиликли имканиятлар есабынан қапланбақта.

Сонлықтан, жаңа жерлерди өзлестириў арқалы егислик жерлерди кеңейтиў есабынан шарўашылықтың от-жем базасын беккемлеў, сондай-ақ, балықшылық, қусшылықты раўажландырыў есабынан азық-аўқат өнимлериниң көлемин кескин көбейтиўимиз  керек.

Және бир әҳмийетли ўазыйпа – суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын кеңнен қолланыўдан ибарат.

Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте бул мәселе бойынша «Жол картасын» ислеп шығыў тапсырылады.

Аўыл хожалығы мақсетлеринде жер бериў системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў керек.

Жерден нәтийжели пайдаланып, мол өним алып атырған көп тармақлы фермер хожалықларына өз жумысын кеңейтиўи ушын қосымша жер майданларын ажыратыў лазым.

Аграр тараўда ең үлкен машқала – фермерлердиң аўыл хожалығы тараўында жетерли билимге ийе емеслиги болып табылады.

Дурыс, оларда күш-ғайрат, баслама, жерге меҳир бар, көпшилигиниң көзи жанып тур.

Лекин, тилекке қарсы, тек ғана нийет етиў менен биз жоқары өнимдарлыққа ҳәм соңғы нәтийжеге ерисе алмаймыз.

Бизге аўыл хожалығы технологияларын жетик ийелеген, заманагөй өндирислик ҳәм инновациялық усыллардан хабардар фермерлер суў менен ҳаўадай зәрүр.

Өзбекстан фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси

Фермерлер кеңеси Аўыл хожалығы ҳәм Суў хожалығы, Инновациялық раўажланыў министрликлери менен бирге ислесиўди күшейтиўи, фермерлерди оқытыў ҳәм қайта таярлаў бағдарламаларын ислеп шығыўы тийис.

Аўыл хожалығындағы реформалардан мақсет – экономикалық пайда көриў менен бирге, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыўдан ибарат. Буны ҳеш қашан ядымыздан шығармаўымыз зәрүр.

Министрлер Кабинети еки ай мүддетте «2019-2024-жылларда елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў миллий бағдарламасы»н қабыл етиўи керек.

Аўыл хожалығы министрлиги елимизде мийўе-овощ жетистириў бойынша кластер системасы қандай жағдайда екенин терең талқылап, 2019-жыл 1-мартқа шекем бул бағдардағы бар тосқынлықларды сапластырыўға байланыслы усынысларды киргизсин.

Ҳүрметли парламент ағзалары!

Экономикалық раўажланыў ҳәм социаллық қорғаў өз-ара тығыз байланыслы түсиниклер болып, оларды бир-биринен ажыралған ҳалда көз алдымызға келтирип болмайды.

2019-жыл – «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда социаллық тараўды және де раўажландырыў ушын төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыў зәрүр.

Бириншиден, халықтың арасында жумыссызлықты азайтыў, адамлар ҳәм шаңарақлардың дәраматын арттырыў лазым.

Ҳүкимет бир ай мүддетте 2019-жыл ушын бәнтликке көмеклесиўдиң жаңа мәмлекетлик бағдарламасын тастыйықлаўы керек.

Бул бағдарда жумыссызларды кәсипке оқытыў, оларға ҳуқықый ҳәм басқа да мәсләҳәтлер бериў және басқа социаллық жәрдем усылларынан кеңнен пайдаланыў керек.

Халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыў ушын мийнетке мүнәсип хақы төлеў системасын қәлиплестириў ҳәм халықтың реал дәраматларын арттырыўымыз зәрүр.

Ең кем айлық мийнет ҳақы муғдарын белгилеў тәртибин қайта көрип шығыў, салық ҳәм басқа да төлемлердиң ең кем мийнет ҳақы муғдары менен байланыслы болыўына шеек қойыў керек.

Министрлер Кабинети еки ай мүддетте усы мәселени шешиў бойынша комплексли илажлар ислеп шықсын.

Екиншиден, пенсия ҳәм напақаларды тайынлаў және төлеў тәртибин қайта көрип шығыў, пенсия системасын түп-тийкарынан реформалаў зәрүр.

Хабарыңыз бар, жақында усы мәселе бойынша Президент пәрманы қабыл етилди. Оған бола, 2019-жыл 1-январьдан баслап, ислейтуғын барлық пенсионерлерге пенсиялар толық муғдарда төлениўи белгиленди.

Сондай-ақ, пенсияны есап-санақ етиў ушын мийнет ҳақының максимал муғдарын ең кем айлық мийнет ҳақының 8 есесинен 10 есесине шекем арттырыў бойынша жаңа система енгизилмекте.

Реформалардың кейинги басқышында бул шеклеўлер де пүткиллей бийкар етиледи.

Соның менен бирге, майыплығы болған балалар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын, бағыўшысын жойытқанларды он алты жасқа шекем социаллық қорғаў мәселеси бәрқулла дыққат-итибарымыз орайында турыўы керек. Өмирин майып перзентине қараў, оны тәрбиялаўға бағышлаған аналар ушын айрықша социаллық напақа түрин енгиземиз.

Үшиншиден, илим, заманагөй ҳәм үзликсиз билимлендириў системасын және де жетилистириў зәрүр.

Халқымызда «тәлим ҳәм тәрбия бесиктен басланады» деген ҳикметли бир сөз бар. Тек билим инсанды камалға, жәмийетти раўажланыўға жетеклейди.

Сол себепли, билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик сиясат үзликсиз билимлендириў системасы принципине тийкарланыўы, яғный, билим бериў бақшадан басланыўы ҳәм пүткил өмиринде даўам етиўи лазым.

Раўажланған еллерде билимлендириўдиң толық циклине инвестиция киргизиўге, яғный, бала 3 жастан 22 жасқа шекемги дәўирде оның тәрбиясына инвестиция жумсаўға үлкен итибар бериледи. Себеби әне сол инвестиция жәмийетке 15-17 есе муғдарда пайда келтиреди. Бизде болса бул көрсеткиш тек ғана 4 есени қурайды.

Солай екен, инсан капиталына итибарды күшейтиўимиз, ол ушын барлық имканиятларды жумсаўымыз шәрт.

Усы жолдағы әҳмийетли әмелий қәдем сыпатында балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин бүгинги 34 проценттен 2019-жылы 44 процентке жеткеремиз.

Улыўма орта билим бериў системасын бүгинги күнниң талаплары тийкарында шөлкемлестириў, перзентлеримиз ҳәр тәреплеме камал табыўы ушын барлық шараятларды жаратыў зәрүр.

Жеке меншик мектеплер шөлкемлестириў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик имканиятларынан кеңнен пайдаланыў керек.

Жоқары билимлендириў системасында билим алыў ушын теңдей имканият жаратыўға қаратылған жумысларды және де күшейтиўимиз зәрүр.

Өзбекстанда жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў орынларын питкериўшилерди жоқары билим бериў менен қамтып алыў өткен дәўирде 9-10 процент дәрежесинде болып киятырған еди. Соңғы еки жылда көрилген илажлар нәтийжесинде, биз бул санды 15 проценттен арттырыўға еристик. Лекин бул еле жетерли емес. Себеби дүньядағы раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесине қарайтуғын болсақ, бул көрсеткиш оларда 60-70 процентти қурайды.

Соның ушын 2019-жылы елимизде пикериўшилерди жоқары билим бериў менен қамтып алыў дәрежесин 20 процентке жеткериў ҳәм келеси жылларда арттырып барыў – әҳмийетли ўазыйпамыз болып табылады.

Жоқары оқыў орынларының абырайын арттырыў, мәмлекетлик емес билимлендириў орынларының санын көбейтип, тараўға жоқары маман кадрларды тартыў ҳәм бәсекини күшейтиў лазым.

Жасларымызға бир ўақыттың өзинде бир неше жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыў имканиятын бериўимиз, олардың билим алыў ҳуқықларын кеңейтиўге хызмет етеди, деп ойлайман.

Жоқары билимлендириў мәкемелерине реал имканиятлардан келип шыққан ҳалда, қабыллаў квоталарын еркин белгилеў системасын енгизиў керек.

Бакалавриат бағдарында билим алып атырған студентлерге сырт елде оқыўды даўам еттириў имканиятлары және де кеңейтиледи.

Себеби, жәмийетимизде жоқары мағлыўматқа ийе, жоқары маман қәнигелер қанша көп болса, раўажланыў сонша тез ҳәм нәтийжели болады.

Министрлер Кабинети усы усыныслар бойынша еки ай мүддетте тийисли илажлар ислеп шығыўы керек.

Жоқары билилмендириў мәкемелеринде илимий потенциалды және де арттырыў, илимий ҳәм илимий-педагог кадарлар таярлаў көлемин кеңейтиў – ең әҳмийетли мәселелерден бири.

Ҳәр бир өндирис тараўында тармақлық илимий-изертлеў мәкемелери, конструкторлық бюролары, тәжирийбе-өндирислик ҳәм инновациялық орайлар болыўы мақсетке муўапық болып табылады.

Биз елимизде инвестицияларды тек ғана экономика тармақларына емес, ал илимий қолланбалар «ноу-хау»лар тараўына да кеңнен тартыўымыз керек.

Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте илимий-изертлеў шөлкемлериниң жумысын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм илимий қолланбалар бойынша әмелий нәтийжелиликти арттырыў бойынша анық усыныслар таярлаў тапсырылады.

Төртиншиден, халқымыздың генофондын беккемлеў мақсетинде медициналық хызметлердиң сапасын жақсылаў ҳәм көлемин кеңейтиў зәрүр.

Бизиң бас мақсетимиз – тек ғана кеселликти емлеў емес, ал, оның алдын алыўдан ибарат.

Медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў процесинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қатнасықларын кеңейтиў лазым. Мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң шеңбери белгиленип, төлемли ҳәм төлемсиз емлениў арасында анық шегара орнатылыўы екрек.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекетлик емлеўханаларды қаржыландырыў системасын жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин.

Абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди күшейтиў керек. Келеси жылда Россия, Қубла Корея, Германия, Италия медицина институтлары менен биргеликтеги факультетлер ҳәм филиаллар ашыў бойынша әмелий илажларды көремиз.

Гезектеги әҳмийетли машқала – халықтың арасында онкологиялық кеселликлердиң көбейип баратырғаны менен байланыслы.

Мысал ушын, елимизде жылына 22 мыңнан аслам наўқаста онкологиялық кеселлик анықланбақта.

Бул, өз гезегинде, усы кеселликке қарсы гүресиў системасын жетилистириўди талап етип, жоқары технологиялы медициналық жәрдемге талапты күшейтпекте.

Бул бағдардағы кеселликлерди ерте анықлаў ушын Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте өз алдына қарар ҳәм бағдарлама қабыл етиў, оны қаржыландырыў дәреклерин анық белгилеў ўазыйпасы жүкленеди.

Көбейип баратырған бир қатар аўыр кеселликлер профилактикасы бойынша халықаралық институтлар, абырайлы сырт ел емлеўханалары менен бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүр.

Халқымыздың генофондын сақлаў ушын ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм балалардың аўқатланыў рационы бойынша әмелдеги нормаларды халықаралық стандартлар тийкарында қайта көрип шығыў лазым.

Министрлер Кабинетине үш ай мүддетте бул бағдарда орта ҳәм узақ мүддетке мөлшерленген бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылады.

Бесиншиден, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаўды және де күшейтиў зәрүр.

Бул бағдарда быйылғы жылы көрилген әмелий илажларға қарамастан, елеге шекем қыйын турмыс шараятында жасап, жумыс пенен тәмийинленбеген 13 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың барлығы ашынарлы болып есапланады.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Ҳаял-қызлар комитети аймақлық ҳәкимликлер менен биргеликте бир ай мүддетте әне усындай ҳаялларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған бағдарлама ислеп шығыўы зәрүр.

Орайлық банк, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басшыларына 2019-жылда турмыс шараяты аўыр болған 1 мың 600 ҳаял-қызды жеңилликли кредитлер тийкарында арзан турақ жайлар менен тәмийинлеў ўазыйпасы тапсырылады.

Елимиз халқының дерлик ярымын қурайтуғын жаслар менен ислесиў мәселеси, буннан былай да ең тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болып қалады.

Жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде  «Жаслар – келешегимиз» қорының жумысын және де кеңейтиў зәрүр.

2019-жылы қор ушын  2 триллион сумнан аслам қаржы ажыратыў ҳәм сол арқалы 50 мыңнан зыят жаңа жумыс орнын жаратыў лазым.

Перзентлеримиздиң ҳәр қыйлы радикал ҳәм зыянлы идеялар тәсирине түсип қалыўына жол қоймаў – тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады Бул бағдардағы жумысларды жаңаша көзқараслар менен даўам еттириўимиз  керек.

Атап айтқанда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаңа мәденият ҳәм дем алыў бағларын шөлкемлестириў, оларды заманагөй жаслар орайларына айландырыў илажларын көриў зәрүр. Бул бағлардың қурамында биринши гезекте спорт майданшалары, амфитеатр ҳәм киши сахналар, китапхана, «Китап кафелери» болыўы тийис.

Бүгинги күнде жасларымыздың билим ҳәм мағлыўмат алыўының тийкарғы дәреги Интернет екени ҳеш кимге сыр емес.

Сол себепли, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаған ҳалда, жәмийетлик орынларда бийпул «вай-фай» аймақларын шөлкемлестириў илажларын көриўимиз керек.

Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте усы мәселелер бойынша бағдарлама ислеп шығыў жүкленеди.

Алтыншыдан, халықтың турмыс шараятын жақсылаў, оны мүнәсип турақ жай менен тәмийинлеў, халқымыздың абаданлығын арттырыў бәрқулла дыққат-итибарымыз орайында болады.

Келеси жылда да арзан турақ жайлар қурыў бағдарламасы избе-из даўам еттириледи.

Үлги жайлардың жойбарларын жетилистириў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды қолланыў, заманагөй ҳәм арзан қурылыс материалларынан пайдаланыўға айрықша әҳмийет бериў керек.

Соның менен бирге елимиздеги 34 мыңнан аслам көп қабатлы жайлардың анық жағдайын және бир мәрте үйренип, бул мәселе бойынша әмелий илажлар көриў зәрүр.

Ҳүкимет үш ай мүддетте көп қабатлы турақ жай фондын толық хатлаўдан өткериўди тәмийинлеўи керек.

Дүньядағы ири мегаполислердиң бул бағдардағы тәжирийбесин үйренген ҳалда, реновация бағдарламасын, яғный, тозыўы питкен көп қабатлы жайлардың орнында ең заманагөй шараятқа ийе болған жаңа жайлар қурыў бағдарламасын ислеп шығыў лазым.

Бизге белгили, коммунал хожалық тараўы узақ жыллардан берли көплеген наразылықларға себеп болмақта.

Соның ушын 2019-жылдан баслап тармақта мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бойынша инвесторлар менен биргеликте ислеўди баслаймыз.

Турақ жай мүлк ийелери ширкетлеринде ҳәкимшилик қәрежетлерди азайтыў ушын профессионал басқарыў компанияларының жумысын қоллап-қуўатлаў керек.

Келеси жылда халықты орайласқан тармақлар арқалы таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежесин ҳәзирги 65 проценттен 75 процентке жеткериўимиз тийис.

Министрлер Кабинети еки ай мүддетте ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм канализация системасын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ислеп шығыўы зәрүр.

Жетиншиден, жәмийетте саламат турмыс тәризин қәлиплестириў,  денетәрбия ҳәм спортты буннан былай да ғалаба ен жайдырыў және бир әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Спортты жедел раўажландырыў, халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерискен спортшыларды хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўға буннан кейин де айрықша әҳмийет беремиз.

Жас әўладымыз арасында спортты ғалаба ен жайдырыў мақсетинде ең алыс районларда да балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерин шөлкемлестиремиз.

2020-жылы Токиода өткерилетуғын Олимпиадаға пуқта таярлықты ҳәзирден баслаўымыз керек.

Және бир әҳмийетли мәселе – мәмлекетимизде қысқы спорт түрлери бойынша халықаралық талаплар дәрежесинде спортшылар таярлаўдың нәтийжели системасын жаратыў керек.

Пайтахтымызда қурылып атырған «Хумо» муз спорт сарайы, сондай-ақ, жақында Ташкент ўәлаятының Әмирсай дем алыў орнында иске түсирилетуғын заманагөй комплекс те әйне усы мақсетлерге хызмет етеди.

Тилекке қарсы, ҳәзирге шекем елимизде Олимпиада ямаса Азия ойынлары сыяқлы абырайлы спорт жарыслары өткерилмеген.

Сонлықтан жақсы нийет пенен келеси жазғы Азия ойынларынан бирин өткериў бойынша перспективалы реже ислеп шығыўды баслаўымыз керек.

Министрлер Кабинетине үш ай мүддетте бул мәселе бойынша тийисли бағдарламаның жойбарын таярлаў тапсырылады.

Сегизиншиден, туризмди раўажландырыў, тараўға инвестицияларды тартыў, кадрлар потенциалын арттырыў бойынша комплексли илажлар көриўимиз керек.

Бизде туризм көбинесе ески қалаларымыз, тарийхый-мәдений естеликлер шеңберинде шекленип қалмақта.

Мәмлекетимиздиң бийтәкирар тәбияты, миллий қорықханалары, таўлы аймақларында туризмди раўажландырыў ушын үлкен имканият бар.

Әсиресе, медицина туризми, зыярат туризми ҳәм экотуризмди раўажландырыў тек ғана экономика емес, ал социаллық тараўлардың раўажланыўына да үлкен түртки болады.

Министрлер Кабинети бир ай мүддетте 2019-2025-жылларда Туризмди раўажландырыў миллий концепциясын ислеп шығыўы ҳәм орынланыўын тәмийинлеўи зәрүр.

Сол тийкарда 2025-жылы елимизге келетуғын сырт ел туристлериниң санын 7 миллионға, туризм экспортынан келетуғын жыллық дәраматты болса 2 миллиард долларға жеткериў керек.

Тоғызыншыдан, алдымызға қойған үлкен ўазыйпаларды әмелге асырыўда биз ушын күш-қүдирет дереги болатуғын миллий идеяны раўажландырыўымыз керек.

Атап айтқанда, миллий өзлигимизди аңлаў, Ўатанымыздың әййемги ҳәм бай тарийхын үйрениў, бул бағдарда илимий-изертлеў жумысларын күшейтиў, гуманитарлық тараў илимпазларының жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўымыз лазым.

Өтмишке берилген баҳа әлбетте қалыс, ең әҳмийетлиси, ҳәр қыйлы идеологиялық көз қараслардан жырақ болыўы зәрүр.

Тилекке қарсы, елимиздиң тарийхын үйрениўде өткен дәўирде археологиялық изертлеўлер жеткиликли дәрежеде алып барылмады.

Соның ушын Илимлер академиясының Археология ҳәм Көркем өнер таныў институтларының жумысын, жоқары оқыў орынлары ҳәм музейлердеги археологиялық излениўлерди сырт елдиң шериклер менен шөлкемлестириў зәрүр.

Уллы илимпазлар ҳәм жазыўшыларымыз, ата-бабаларымыздың бийбаҳа мийрасын, жеңилмес сәркарда ҳәм ғайраткерлеримиздиң мәртлигин жаслардың санасына сиңдириўге, оларда миллий мақтаныш сезимлерин күшейтиўге айрықша итибар қаратыўымыз керек.

Усы мақсетте, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының қурамында «Өзбекстан тарийхы» каналын шөлкемлестирип, илимий жәмийетшилик, дөретиўши зыялыларымыз бенен биргеликте оның бағдарламаларын пуқта дүзиў керек.

Мәмлекетимизде музейлерде сақланып атырған тарийхый экспонатларды толық хатлаўдан өткериў, ҳәр бир музейдиң катологин жаратыў керек.

Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте бул бойынша тийисли илажлар ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленеди.

Әзиз дослар!

Бәршемизге белгили, реформа – бул жаңаланыў, өзгерис дегени. Реформалар унамлы нәтийже бериўи ушын бәринен бурын, басшыларымыз ҳәм адамларымыз өзгериўи керек. Адам өзгерсе, жәмийет өзгереди.

Бул мақсетке ерисиў ушын биринши гезекте, барлық дәрежедеги басшылар ҳәм халық депутатлары, барлық жетекшилер өз жумысын сын көзқарастан таллаўды, қатаң тәртип-интизам ҳәм жеке жуўапкершилик тийкарында шөлкемлестириўин бүгин турмыстың өзи талап етпекте.

Заманагөй, ақыллы басқарыў системасын енгизиў – алдымызға  қойған ўазыйпаларды орынлаўдың тийкарғы шәрти болып табылады.

Бул бағдарда төмендеги әҳмийетли мәселелерге итибарыңызды қаратпақшыман.

Бириншиден, парламенттиң әҳмийетли қарарлар қабыл етиў ҳәм нызамлардың орынланыўын қадағалаў жумысын күшейтиў керек.

Ҳәзирги күнде Конституцияға муўапық, парламент Бас министрди тастыйықлайды. Бирақ министрлерди лаўазымға қойыўға қатнаспайды.

Соның ушын ҳүкимет ағзалары парламент алдында жуўапкершиликти  жеткиликли дәрежеде сезип атырғаны жоқ. Усы мүнәсибет пенен   Министрлер Кабинети ағзаларын Олий Мажлис тәрепинен тастыйықлаў әмелиятын киригизиўди усыныс етемен.

Болажақ министр парламент ағзалары алдында тараўды раўажландырыў бойынша өз бағдарламасын қорғасын ҳәм оған ерисиў жолларын тийкарлап берсин.

Бир сөз бенен айтқанда, лаўазымға мүнәсип екенин дәлиллесин.

Соның менен бирге орынлардағы жергиликли кеңеслерде де ўәлаят ҳәм район уйымларының басшыларын тастыйықлаў бойынша мине усындай әмелиятты енгизиў керек.

Парламентлик қадағалаўдың тәсиршең усылларынан бири болған Мәмлекетлик бюджетти қабыл етиў ҳәм оның орынланыўын көрип шығыўға айрықша әҳмийет қаратыўымыз керек. Бул жумысты жоқары профессионал дәрежеде жолға қойыў ушын Олий Мажлис жанында Мәмлекетлик бюджет басқармасын шөлкемлестириў мақсетке муўапық болар еди.

Екиншиден, атқарыў ҳәкимияты системасын оптималластырыў, админстаративлик реформаларды даўам еттириў ҳәм мәмлекетлик басқарыўда заманагөй менеджмент усылларын кеңнен қолланыў зәрүр.

Барлық мәмлекетлерде Ҳүкимет реформалардың орынланыўы ушын жуўап беретуғын жоқары ўәкилликли уйым есапланады.

Ҳәзирги күнде Ҳүкимет комплекслериниң қурамына 160 тан аслам уйым ҳәм шөлкемлер киреди, Бас министрдиң тараў ҳәм тармақлар бойынша 8 орынбасары бар.

Бирақ  Министрлер Кабинети ҳәм оның қурамындағы уйымлардың реформалар процесиндеги орны бүгинги күнниң талабына жуўап береме? Бул сораўға, тилекке қарсы унамлы жуўап бере алмаймыз.

Министрлер ҳәм компания басшылары арзымаған мәселе бойынша да Министрлер Кабинетине қатнаўға үйренип қалған. Ақыбетинде, Ҳүкимет тек ғана күнделикли мәселелерди шешетуғын структураға айланып бармақта.

Экономика ҳәм социаллық тараўдағы машқалаларды терең таллаў ҳәм орынлардағы ҳақыйқый жағдайды үйрениў болса итибардан шетте қалмақта.

2019-жылға «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы», деп атама бергенимиз мүнәсибети менен сыртқы ислер министрлиги ҳәм оның сырт елдеги ўәкилханалары да өз жумысларын қайта көрип шығыўы зәрүр болады.

Буннан кейин бизиң сырт елдеги елшилеримизге де талап өзгереди. Олардың жумысына биринши гезекте инвестицияларды тартыў бойынша қалай ислеп атырғанына және әне усы инвестиция муғдарына қарай баҳа бериледи.

Усы мүнәсибет пенен, Министрлер Кабинетине үш ай мүддетте жоқарыда көрсетилген кемшиликлерди сапластырыў, Ҳүкимет ҳәм оның қурамына киретуғын министрликлер менен уйымлардың жумысын оптималластырыў ҳәм жетилистириў, жумыс нәтийжелилигин арттырыў, басшы кадрлардың жеке жуўапкершщилигин күшейтиў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленеди.

Президент қабыллаўханаларының еки жыллық ис тәжирийбеси соны көрсетти, биз жақын өтмиште халықтан, оның тәшиўишлери менен машқаларынан бираз узақласып қалғанымызды көрсетеди.

Биз пуқаралар билдирген пикир-усынысларды есапқа алып, мәмлекетлик басқарыў системасын реформалаўымыз, алдыңғы мәмлекет менеждменти ҳәм «ақыллы» басқарыў принципине басқышпа-басқыш өтиўимиз керек. Бул енди мәмлекетлик мәкемелер тиккелей пуқаралар менен ислесиўге өтетуғынын билдиреди.

Мәмлекетлик уйымлар халыққа, соның ишинде исбилерменлерге жақын жәрдемши болыўы зәрүр.

Мәмлекеттиң басқарыў тараўындағы айырым функцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында, соның ишинде «аутсорсинг» тәризинде жеке меншик секторға тапсырыў зәрүр.

Үшиншиден, мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелиликти арттырыў мәмлекетлик хызметке қәнигели кадрларды тартыўға қаратылған бирден-бир кадрлар сиясатын қәлиплестириў зәрүр.

Бүгин әпиўайы бир ҳақыйқатты тән алыўымыз керек. Мәмлекетлик уйымларда қәнигели ҳәм жетик кадрлар жетиспей атыр.

Елеге шекем мәмлекетлик хызметкерлердиң статусы белгиленбеген, мәмлекетлик хызметке қабыл етиўдиң жәриялылық механизми ислеп шығылмаған.

Бул бағдардағы машқалаларды шешиў ушын, бәринен бурын, мәмлекетлик хызметкерлердиң жумысын қалыс баҳалаў бойынша нәтийжели система енгизиў зәрүр.

Итибарыңызды және бир әҳмийетли мәселеге қаратпақшыман.

Мәмлекетлик уйымларда ертең, келешекте қандай ўазыйпалар әҳмийетли болыўы, әпиўайы етип айтқанда, бес, он, жигирма жылдан кейин қандай машқалалар алдымызда көлденең турыўын болжайтуғын система еле қәлиплескен жоқ.

Президент Админстрациясына тармақлардың жумысын нәтийжели басқарыўда стратегиялық, режелестириў ҳәм прогноз принциплерине тийкарланған узақ мүддетли мәмлекетлик сиясаттың Концепсиясын ислеп шығыў жүкленеди.

Бунда мәмлекетлик басқарыў уйымларында стратегиялық таллаў ҳәм прогнозластырыў структураларын шөлкемлестириў зәрүр.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында өз алдына эксперт кеңеси шөлкемлестирилип, оған сырт еллердиң абырайлы илимпазлары менен әмелиятшыларын тартыў керек.

Төртиншиден, жергиликли ҳәкимият уйымлырының ўәкиллигин ҳәм жуўапкершилигин қайта көрип шығыўымыз, олардың еркинлигин және де арттырыўымыз лазым.

Аймақларды раўажландырыўға байланыслы мәселелерди шешиўде көпшилик ҳәкимлерде жуўакершиликти өз мойнына алып, еркин қарар қабыл етиў ҳәм инталылық жетиспей атыр.

2018-жылы Ташкент қаласында эксперимент тәризинде мәмлекетлик басқарыўдың жаңа тәртиби енгизилип, қала ҳәкими ҳәм район ҳәкимлерине қаржы, экономика, инвестиция, қурылыс, турақ жай комуналлық хызмет тараўлары басшыларын тайынлаў ўәкиллиги берилди.

Нәтийжеде 30 дан аслам комиссия ҳәм кеңеслер сапластырылып, олардың ўәкилликлери тийисли аймақлық уйымларға берилди. Нәтийжесиз ислеп атырған 12 мәмлекетлик унитар кәрханасы сапластырылды.

Мәмлекетлик бюджетке түсетуғын  қаржылардың бир бөлегин жергиликли бюджетлердиң ықтыярында қалдырыў тәртиби орнатылғанлығы себепли Ташкентте салық түсими прогнозға салыстырғанда 2 триллион сумға көбейди.

Мәмлекетлик басқарыў тараўында унамлы нәтийже берип атырған экспериментти енди басқа аймақларда да енгизиўимиз зәрүр.

Келешекте ҳәкимниң соның менен бир ўақытта халық депутатлары кеңесиниң баслығы сыпатында жумыс алып барыўына байланыслы тәртип бийкар етилиўи зәрүр.

Олий Мажлис палаталарының басшыларына (Н.Йўлдошев, Н.Исмоилов) 2019-жыл даўамында усы мәселлерди парламентте ҳәр тәреплеме додалап, әмелий илажлар бағдарламасын қабыл етиў усыныс етиледи.

Келеси жылы Олий Мажлис ҳәм жергиликли кеңеслерге гезектеги сайлаў өткериледи. Елимиздиң жәмийетлик сиясий турмысында оғада үлкен әҳмийетке ийе болған бул сиясий процессти миллий нызамшылығымыз ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында жоқары дәрежеде өткериў ушын таярлық жумысларын баслаўымыз керек.

Бесиншиден, халық пенен үзликсиз қарым-қатнас ҳәм инсан мәплери ушын хызмет етиў, барлық дәрежедеги басшылар ушын тек ғана миннетлеме емес, ал турмыслық принципке айланыўы шәрт.

Халық пенен тиккелей ҳәм ашық пикирлесиўлерди  шөлкемлестириў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың Өзбекстан Республикасы Президентине мүрәжат етиў ҳуқықын жүзеге шығарыў ушын шараят жаратыў жаңа жылда да жумысымыздың әҳмийетли ҳәм ажыралмас бөлеги болып қалады.

Ҳүрметли сенаторлар ҳәм депутатлар!

Сизлерге белгили, елимизде соңғы жылларда нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқуқ тараўын жетилистириў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Бул өзгерислер инсан ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, әдил судлаўға ерисиў, ҳуқуқ қорғаў уйымларының жумысын   жетилистириўге қаратылған.

Мен бул мәселеге Конституция күнине бағышланған мәресимде ҳәр тәреплеме тоқтап өткеним ушын бул ҳаққында толық айтпақшы емеспен.

Тек бул тараўда алдымызда турған тийкарғы ўазыйпаларға итибарыңызды қаратпақшыман.

Бириншиден, суд ҳәкимиятының  ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў мақсетинде судьялыққа талабанларды таңлаў ҳәм тайынлаў системасын буннан былай да жетилистириў зәрүр.

Судьялар корпусын қәлиплестириў системасын суд ҳәкимияты еркинлиги прниципине толық сәйкеслендириў, бул процессте кең жәмийетшиликтиң қатнасын тәмийинлеў зәрүр.

Бул ушын район, қала ҳәм ўәлаят судының судьяларын таңлаў ҳәм тайынлаў ўазыйпасын Судьялар жоқары кеңеси толық өз жуўапкершилигине алыўы мақсетке муўапық. Бул бағдарда жәмийетлик пикир ҳәм судьялардың олар алдында есап бериў мәселеси өз көринисин табыўы зәрүр.

Екиншиден, халқымыздың тынышлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, жынаятшылықтың ерте алдын алыў жумысларын жаңа басқышқа көтериў талап етиледи.

Быйыл бул бағдарда көп жумыслар исленди.

Соның ишинде, тараў хызметкерлери ушын мүнәсип мийнет ҳәм турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде профилактика нспекторлары ушын 6 ярым мыңнан аслам хызмет үйлери 1 мың 100 жеке турақ жай, 7 мың жеке меншик автомобиль берилди.

Соның менен бирге, Миллий гвардия хызметкерлери ушын да 1 мың 800 турақ жай қурылады.

2018-жылы 3 мың 205 мәҳәлледе бирде-бир жынаят жүз бермегени де усы жумысларымыздың нәтийжеси, десек, дурыс болады. Бирақ қәтержамлыққа берилиўге еле ерте.

Адамлар тыныш жасаўы ушын пүткил елимизде жынаяттан жырақ орталық жаратыўымыз шәрт.

Биз Ишки ислер системасында ўәкиллик ҳәм функцияларды төменги буўынға түсирип, оны ҳақыйқый халықшыл системаға айландырыўымыз зәрүр,

Бул бағдарда илимий көзқарас ҳәм алдыңғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын жедел енгиземиз.

Ҳәр бир жынаят ямаса ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша ҳәр бир аймақ өз тәжирийбесин жаратыўы керек.

Бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ушын ишки ислер министри, Миллий гвардия сәркардасы ҳәм Бас прокурор республика аймақларына жеке жуўапкер етип белгиленеди.

Жынаятшылыққа қарсы гүресиўде, биринши гезекте, унамлы нәтийжеге ерискен  профилактика инспекторларын ҳәм мәҳәлле белсендилерин хошаметлеўди күшейтиў керек.

Ўазыйпасын шын кеўилден орынлаған хызметкерге жаңадан дүзилген Арнаўлы қордың есабынан үстеме ҳақы төленеди ҳәм олардың мийнетлери қосымша хошаметлендириледи.

Бүгинги күнде атына ғана жумыс алып барып атырған «Мәҳәлле сақшысы» лаўазымын сапластырыў ўақты келди.

Оның орнына профилактика инспекторының жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша жәрдемшиси лаўазымы енгизиледи.

Бул лаўазымға орынларда қәнигели ҳуқық таныўшы, мәселеге нызам менен қарайтуғын пидайы кадрлар жумысқа алынады.

Биз қаншелли қыйын болмасын, алыс-алыс аўылларда да «Жынаят ҳақыйқаты ҳәм әдалаты» принципин әлбетте енгизиўимиз керек. Яғный, жынаят сөзсиз ашылыўы ҳәм айыпкер жазаланыўы шәрт.

Бул мәселеге тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының ўазыйпасы, деп қарамай, пүткил жәмийетимиз бирлесип, қатты гүрес алып барыў зәрүр.

Үшиншиден, жынаят нызамшылығын буннан былай да жетилистириў ҳәм либералластырыў бойынша жумысларды даўам еттириў зәрүр.

Неге дегенде, Жынаят ҳәм Жынаят процессуал кодекслери дерлик 25 жыл бурын қабыл етилген. Өткен дәўирде жәмийеттеги қатнасықлар, адамлардың жасаў тәризи, санасы, дүнья қарасы өзгерди.

Сол себепли бул кодекслер бүгинги дәўир талабына жуўап бермей қалды.

Бизге белгили нызамшылықта жазаны аўырластырыўға ямаса жеңиллетиўге байланыслы статьялар бар.

Бирақ олар тергеўши ямаса судьяның ықтыярына, яғный, инсан факторына толық байланыслы болып қалмаўы керек.

Болмаса биз ушын муқаддес болған әдалат нормасы бузылады.

Соның ушын жынаят ҳәм жынаят процессуал нызамшылықты түп-тийкарынан қайта көрип шығыў зәрүр.

Усы мақсетте бас прокурор басшылығындағы уйымлараралық комиссия 2019-жыл 1-июльге шекем Жынаят ҳәм Жынаят-процессуал кодекслериниң жаңа жойбарларын таярлаўы зәрүр.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Мәмлекетимиздиң конституциялық дүзимин, суверенитети, аймақлық пүтинлигин түрли қәўип-қәтерлерден қорғаў. тынышлық ҳәм турақлылықты буннан былай да беккемлеў – барлық жетискенликлеримиздиң бас гиреўи болып табылады.

Бул бағдарда төмендеги ўазыйпалар үлкен әҳмийетке ийе.

Бириншиден, елимиздиң қорғаныў қәбилетин, Қураллы Күшлердиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў, миллий қорғаныў санааты комплексин қәлиплестириў, ҳәр қандай қәўип-қәтерге қарсы бәрқулла таяр турыўымыз лазым.

Мәмлекетимиздиң қорғалыўын әскерий-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша басланған реформаларды логикалық жуўмағына жеткериў керек.

Қорғаныў министрлиги еки ай мүддетте қорғаныў санааты комплексине киретуғын кәрханаларды раўажландырыў бағдарламасын ислеп шықсын.

Және бир әҳмийетли мәселе. Заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан кеңнен пайдаланып, мәмлекетимиздиң шегара қәўипсизлигин күшейтиў ҳәм қадағлаўдың сапасын арттырыў зәрүр.

Қураллы Күшлеримизде жаўынгерлик руўхын арттырыў, әскерлеримиз бенен офицерлеримизди физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик етип тәрбиялаўға итибарды буннан былай да күшейтиўимиз керек.

Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў системасын ҳәр тәреплеме жетилистириў әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болыўы керек.

Екиншиден, экологиялық қәўипсизлик, суў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў дыққат-итибарымыз орайында турыўы зәрүр.

Суў хожалығы министрлиги 2019-жыл даўамында региондағы мәмлекетлердиң экспертлери менен биргеликте Орайлық Азияда суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша усынысларды ислеп шығыўы зәрүр.

Ҳәзирги ўақытта Арал машқаласы себепли 5,5  миллион гектардан аслам майданда Аралқум саҳрасы пайда болды.

Ҳәр жылы 100 миллион тонна қум ҳәм дуз ҳаўаға көтерилмекте. Бул болса Арал апатшылығы глобал машқала екенин және бир мәрте дәлиллемекте.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарда «Траст фонды»ның дүзилиўи өзбек дипломатиясының үлкен жетискенлиги болды.

Биз Өзбекстанның басламасын қоллап-қуўатлағаны ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Мырза Антониу Гутерриш және Бирлескен Миллетлер Шөлкеми институтларынан, шерик мәмлекетлерден миннетдармыз.

Биз Арал теңизиниң суўсыз қалған аймағында жасыл тоғайлар жаратыўға айрықша итибар бермектемиз.

Егер ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан бойынша 1 миллион 220 мың гектарға шамалас тоғайлық жаартылған болса, соннан 400 мың гектардан асламы әйне Аралбойы аймағында жаратылған.

Бул мәселеде қабыл етилип атырған арнаўлы бағдарламаға бола, Арал теңизиниң суўсыз аймағында келеси жылы және 500 мың гектар тоғай жаратылады.

Халықтың турмыс жағдайын жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм аўылларында жаңа қурылыслар әмелге асырылады.

Атап айтқанда, Мойнақ районында барлық зәрүр инфраструктураларға ийе болған заманагөй қалаша жаратылады.

Үшиншиден, ашық-айдынлық, өз-ара теңлик ҳәм пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған сыртқы сиясат тараўындағы жумысымызды даўам еттириў ҳәм оның нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажларын көриўимиз зәрүр.

Сиясий-экономикалық қатнасықлар шеңберин кеңейтиў ушын шет мәмлекетлерде Өзбекстанның жаңа ўәкилханаларын ашыў, хызметкерлер санын көбейтиў керек.

Халықаралық майданда мәмлекетимиздиң сиясий-экономикалық мәплерин алға қойыў ушын мәмлекетимиздиң сыртқы экономикалық ҳәм сиясий жумысына байланыслы нызамшылық базасын бунанн былай да жетилистириў керек.

Министрлер Кабинети ҳәм Қәўипсизлик кеңеси аппаратына бул мәселеге байланыслы нызам жойбарын 1-апрельге шекем ислеп шығыў тапсырылады.

Биз келеси жылы Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер, биринши гезекте, Россия Фелерациясы менен, сондай-ақ, Қытай Халық Республикасы, Америка Қурама Штатлары, Европа Аўқамы мәмлекетлери, Корея Республикасы ҳәм Япония менен қатнасықларымызды буннан былай да раўажландырыўға қаратылған жедел сыртқы сиясат алып барамыз.

Бизди өз-ара тамырлас тарийхый-мәдений ҳәм руўхый қәдириятлар менен байланыстырып келетуғын мусылман дүньясы мәмлекетлери менен бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратамыз.

Әйне усы мақсетлерден келип шыққан ҳалда биз сырт елдеги шериклеримиз бенен өз-ара пайдалы байланысларды барлық тараўларда әмелий мазмун менен буннан былай да байытыўдың тәрепдарымыз.

Биз өзимиздиң сыртқы сиясатымызда Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған анық стратегияға сүйенемиз.

Бул бағдарда Өзбекстан региондағы қоңсылас мәмлекетлер менен, сондай-ақ, Түркия, Ҳиндстан, Пакистан, Иран менен әмелий  ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыўды әҳмийетли ўазыйпа, деп биледи.

Бул стратегияны әмелге асырыўда қоңсылас Аўғанстан айрықша орын ийелейди.

Биз халықаралық жәмийетти Аўғанстан ҳүкимети басшылығында тынышлық сөйлесиўлерин баслаў зәрүрлигин қоллап-қуўатлаўға шақырдық.

Усы мүнәсибет пенен, 2018-жылдың март айында Аўғанстан бойынша өткерилген жоқары дәрежедеги Ташкент конференциясы заманагөй Аўғанстан тарийхында халықаралық көлемдеги ең көлемли әнжуман болғанын атап өтиўи керек.

Конференцияның жуўмағы бойынша қабыл етилген, оның барлық қатнасыўшыларының бирдей позициясы сәўлелендирилген «Ташкент декларациясы» Аўғанстанда тынышлық орнатыў бойынша өзине тән Бағдарлама болды.

Әне усы конференциядан соң Аўғанстандағы барлық сиясий күшлер, соның ишинде, «Талибан» ҳәркетиниң қатнасыўында сөйлесиўлер процесин баслаўға қаратылған халықаралық ҳәрекетлер және де жеделлести.

Өзбекстан Аўғанстан басшылығы ҳәм мәмлекеттиң жетекши сиясий күшлери, соның ишинде, «Талибан» ҳәрекети ўәкиллери менен бир қатар әҳмийетли сөйлесиўлер өткерди.

Бул сиясий күшлер аўған машқаласын шешиўде Өзбекстан нәтийжели байланыстырыўшы болатуғынлығы мүмкинлигин атап өтти.

Аўғанстандағы жағдайды турақластырыўдың әҳмийетли шәрти – мәмлекетти экономикалық жақтан тиклеўден ибарат.

Бул бағдарда биз Аўғанстанда транспорт ҳәм логистика, энергетика, саўда ҳәм билимлендириў бағдарларында ири қоспа жойбарларды әмелге асырыўға киристик.

Өзбекстан тәрепинен қурылып атырған Сурхан – Пули Хумри электр жеткерип бериў линиясы, Термиз қаласында аўған пуқараларын оқытыў ушын ашылған билимлендириў орайы, бажыхана терминалына да ийе болған «Термиз-карго» логистика орайы, Мозори Шариф-Хирот ҳәм Мозори Шариф-Қабул-Пешавор темир жол линиясы жойбарлары ислеп шығылып атырғаны соннан дәрек береди.

Өзбекстан аўған машқаласын шешиў ушын буннан кейин де ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетеди.

Биз ушын ең әҳмийетли жуўмақлаўшы нәтийже – Аўғанстанда тынышлық сөйлесиўлерин баслаў ҳәм миллий жарасыўға ерисиўден ибарат.

Ҳүрметли дослар!

Өзбекстан миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик тараўында өз дәстүрлерине барқулла садық болып, бул жолдан хеш қашан тайсалмай илгери барады.

Мәмлекетимизде түрли миллет ҳәм конфессиялар ўәкиллери арасында өз-ара ҳүрмет дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеўге биринши дәрежели итибар қаратылады.

Бул – бизиң ең үлкен байлығымыз ҳәм оны көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў бәршемиздиң парызымыз.

Хабарыңыз бар, жақында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының жалпы мәжилиси тәрепинен әҳмийетли бир ҳүжжет – «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясы қабыл етилди.

Бул резолюцияны қабыл етиў басламасы 2017-жыл сентябрь айында Бас Ассамблеяның 72-сессиясында Өзбекстан тәрепинен алға қойылған еди.

Бизиң усынысымызды Бирлескен Миллетлер Шөлкемине ағза болған 193 мәмлекет кеңнен қоллап-қуўатлағаны дүнья жәмийетшилиги тәрепинен Өзбекстанның ҳәрекетлерине берилген жоқары баҳа ҳәм тән алыў сыпатында бәршемизге үлкен қанаатланыўшылық ҳәм мақтаныш бағышлайды.

Бул имканияттан пайдаланып, бүгинги әнжуманымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине шын жүректен миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Әзиз ўатанласлар!

Мәмлекетимизди раўажландырыўдың бүгинги басқышында және бир жыл үлкен бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, елимизди раўажландырыў бойынша жаңадан-жаңа жетискенликлер, билим ҳәм тәжирийбелер дәўири болып қалмақта.

Биз жаңа жылдан баслап сиясий турмысымызда және бир әмелиятты енгиземиз. Кирип киятырған жылдың бас ҳүжжети болған Мүрәжатта баян етилген ҳәр бир әҳмийетли бағдар бойынша Бас министр ҳәм ҳүкимет ағзалары әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Сенат ҳәм Нызамшылық палатасы алдында ҳәр шеректе есап берип барады.

Бул процесс ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен сәўлелендирилиўи зәрүр.

Усы тәризде пуқаралар Мүрәжатта белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў бойынша ҳүкимет қандай жумыс алып барып атырғанынан хабардар болады.

Яғный, ҳүкиметтиң жумысына халықтың өзи баҳа береди.

Ҳәммемиз бир ҳақыйықатты жақсы түсинемиз. 2019-жыл ушын белгилеп алған реже ҳәм бағдарламаларымызды әмелге асырыў, әлбетте аңсат болмайды.

Еле тек қағазда болған бул реже ҳәм бағдарламаларымызды әмелий жумысларға, реал нәтийжеге айландырыў ушын бәршемиз биргеликте аянбай мийнет етиўимиз керек.

Бул жолда бизге исеним ҳәм илҳам, ғайрат ҳәм күш жигер  беретуғын шексиз бир қүдирет бар, биз оған сүйенип, өз мақсетлеримизге әлбетте ерисемиз.

Бул – турмыс сынақларында шыныққан, сөзинде исенимли туратуғын, истиң көзин билетуғын мийнеткеш, мәрт ҳәм сабырлы халқымыз болып табылады.

Биз бүгин көп миллетли халқымызға, бәршемиздиң үмитимиз ҳәм сүйенишимиз болған жасларымызға исенип, шекти бәлент гөзлемектемиз.

Әзиз перзентлеримиздиң, ақлықларымыздың бахтын, кәмалын  ойлап, ер-журтымыздың, халқымыздың айдын келешегини гөзлеп, алдымызға үлкен ўазыйпалар қоймақтамыз.

Нийети уллы халықтың – иси де уллы, өмири жарқын ҳәм келешеги абадан болады.

Биз демократиялық реформалар жолынан хеш қашан артқа қайтпаймыз. Қаншелли қыйын болмасын, тек алға – жаңа, жоқары шеклерге қарай барамыз.

Жаңа Өзбекстан тарийхына үлес қосыў – жаратқанның өзи бизге берген тарийхый имканият, десек дурыс болады.

Бәршемиз буны терең түсиниўимиз, қәдирине жетиўимиз керек. Әзиз Ўатанымыз алдындағы перзентлик парызын мақтаныш пенен атқарыў ҳәммемизге несип етсин!

Пурсаттан пайдаланып, сизлерди, пүткил халқымызды жақынласып киятырған жаңа – 2019-жыл менен қызғын  қутлықлайман.

Бәршеңизге денсаўлық. шаңарағыңызға бахыт. жумысларыңызда әўмет ҳәм табыслар тилеймен.

Ийгиликли арзыў-нийетлеримизди, режелеримизди әмелге асырыўда Жаратқанның өзи бәршемизге яр болсын.

Итибарыңыз ушын рахмет.