Ирландияның Оокла компаниясына тийисли болған Speedtest.net интернет-сервиси Speedtest Global Index ҳәр айлық рейтингди жәриялады, деп жазады Podrobno.uz. Онда октябрь айының жуўмақлары бойынша дүньядағы сымсыз ҳәм сым менен жалғанатуғын интернет тезлиги ҳаққында мағлыўматлар орын алған.

Мобиль интернет тезлиги бойынша Өзбекстан бурынғы орнында қалған – 124 мәмлекет арасында 110-орын (9,73 Мбит/с).

Сым менен жалғанатуғын интернет тезлиги бойынша мәмлекетимиз еки орын жоқарыға көтерилди ҳәм енди 130 мәмлекет арасында 112-орынды ийелеп тур (9,28 Мбит/с).

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги