Президентимиз 8-шаңарақлық поликлиникасында да болды.

-Бурын шараятымыз дым аўыр еди, медициналық хызмет көрсетиў ушын жетерли имканиятымыз жоқ еди. Ҳәзир болса, жаңадан қурылған, жақтылы, жыллы, барлық қолайлықларға ийе заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген имаратта сапалы медициналық хызмет көрсетип атырмыз, – дейди поликлиниканың бас шыпакери Гүлзар Утемуратова.  Поликлиникада жумыс ўақты азанғы саат 08:00  ден  кешки саат 20:00 ге шекем етип белгиленген. Усының нәтийжесинде медицина хызметкерлери тәрепинен сапалы патронаж хызмети көрсетилиўи жолға қойылған, ал түнги ўақытта тез жәрдем пункти шөлкемлестирилип үзликсиз жәрдем көрсетилмекте.

10-үйдиң биринши қабатында қурылған 8-шаңарақлық поликлиника аймақтағы 8 мәҳәллениң 46 мың халқына хызмет көрсетеди. 250 қатнаўға мөлшерленген мәкемеде сапалы медициналық хызмет ушын барлық шараят жаратылған, санлы рентген аппараты, УТТ, ЭКГ, биохимиялық анализатор сыяқлы зәрүр медициналық үскенелер менен тәмийинленген.

Поликлиникамызда УӘШ әмелият шыпакерлеринен басқа тар қәнигели шыпакерлер менен тәмийинлеген, яғный терапевт, педиатр, хирург, окулист, лор шыпакери, ҳаяллар ҳәм қызлар мәсләҳәтханасы, стоматология, лаборатория шыпакери, рентгенолог, УЗД, иммунолог шыпакерлер жумыс алып бармақта. Поликлиникамызға Президентимиз саўғасы – «Спарк» автомашинасы берилди.

Поликлиника бурын Нөкис қаласының 26-киши районындағы бейимлестирилмеген имаратта жайласқан болып, шараяты аўыр, медициналық хызмет көрсетиў ушын жетерли имканият жоқ еди. Халық тар шеңбердеги қәнигелерге көриниў ушын көп тармақлы поликлиникаларға барыўға мәжбүр еди.

Поликлинкамыздың өзинде социаллық дәрихана бар болып, онда 500 ден аслам, соның ишинде, 55 түрдеги социаллық әҳмийетке ийе дәри-дәрмақлар менен тәмийинленген. Дәрилер өзгермейтуғын баҳаларда, арзан сатылады. Мәкемеде наўқаслардың шыпакер қабыллаўына электрон гезекке жазылыў системасы да жолға қойылған. Адамлар үйде отырып, онлайн тәризде гезекке жазылыўы ҳәм белгиленген ўақытта шыпакер қабыллаўына келиўи мүмкин.

Халқымыздың денсаўлығы беккем болса, биз медицина хызметкерлеринен разы болса, бизлер гөзлеген мақсетимизге еристик деп ойлайман. Президентимиздиң медицина хызметкерлерине болған исенимин ақлаўға, халқымыздың денсаўлығының беккем болыўына өз үлесимизди қосамыз.

 

Г. УТЕМУРАТОВА,

8-шаңарақлық поликлиникасының бас шыпакери

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги