Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллығына арналған «Озық ойлы, атақлы алым ҳәм жәмийетлик ғайраткер» атамасындағы конференция болып өтти.

Конференция илимпаздың көп жыллық дөретиўшилик мийнетлеринен туўылған китапларының көргизбеси менен басланды.

Буннан соң белгили илимпаздың дөретиўшилиги ҳаққындағы «Ақыл-ой илиминиң сәрдары» ҳүжжетли фильми жыйналғанлардың нәзерине усынылды.

Илимий-теориялық конференцияны Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Б.Өтемуратов кирис сөз бенен ашты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қутлықлаўы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Қурбаниязов тәрепинен оқып еситтирилди.

Конференция жумысында тарийх илимлериниң докторы М.Сарыбаев, педагогика илимлериниң кандидаты, Қарақалпақстан халық муғаллими А.Пазылов, филология илимлери бойынша философия докторы П.Дабыловлар академиктиң илимий-педагогикалық ҳәм жәмийетлик хызмети ҳаққында илимий баянатлар жасады. Соның менен бирге, мийнет нураныйы Қ.Камалов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, юридика илимлериниң кандидаты Ҳ.Халимов ҳәм басқалар сөзге шығып, алымның көп жыллық илимий-педагогикалық хызметине жоқары баҳа берди.

Ҳақыйқатында да, Ж.Базарбаевтың  500 ге шамалас  илимий  публицистикалық мийнетлери, соның ишинде 30 дан аслам монографиялары, сабақлықлары, оқыўлық ҳәм методикалық қолланбалары жәмийетшиликке кеңнен таныс. Алымның илимий мийнетлеринде философия, этика, эстетика,  тарийх, әдебият, педагогика және елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы  актуал мәселелерсәўлеленген.

Оның 1996-жылы Қырмызы Дәўлетова менен биргеликте  жазған «Әдептаныў» китабы Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлығына ылайық деп табылған болса, Ө.Әлеўов пенен биргеликте «Маўереннаҳр – ағартыўшылық орайы» сүрени тийкарында өткерилген таңлаўға жиберген «Маўереннаҳр халықларының педагогикасы»  концепциялық бағдарламасы Өзбекстанда 1992-жылы халықаралық конкурста биринши орынды  ийеледи.

2012-жылы илимпаздың «Әдеп философиясы» атлы китабы ҳәм алымның басшылығында жазылған «Руўхыйлық тийкарлары» оқыўлық қолланбасы    Өзбекстан  Жоқары ҳәм орта арнаўлы  билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Жылдың ең жақсы сабақлығы ҳәм оқыўлық қолланбасы» таңлаўында сыйлы 2-орынды, ал оның басшылығында жазылған «Қарақалпақ этнопедагогикасы» оқыўлық қолланбасы 3-орынды ийелеп, арнаўлы диплом менен сыйлықланды.

Оның исми 2011-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер  Академиясының «Фан» баспасында басылып шыққан инглис тилиндеги «Өзбекстан алымлары биографиясы» атлы китаптан орын алды.

Конференция көркем өнер шеберлери ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты талантлы студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.