Халқымыздың мақтанышына айланған спортшымыз, аўыр атлетика бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы Рустам Жаңабаев усы жыл 10-ноябрь күни Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында өткерилген аўыр атлетика бойынша  жәҳән чемпионатына табыслы қатнасты.

Онда +109 килограмм салмақ категориясында қатнасқан жерлесимиз Рустам Жаңабаев, дәс көтериўде 202 кг нәтийжени көрсетип төртинши орынға ылайықлы деп табылған болса, силтеп көтериўде  245 кг тасты өзине бойсындырып, қола медаль ийесине айланды.

Дәс көтериў ҳәм силтеп көтериўдиң жуўмақларына бола,  447кг нәтийжени көрсеткен Рустам қола медаль жеңимпазы деп табылды.

Солай етип, Жәҳән чемпионаты жуўмағында сайланды командамыз ўәкиллери  жарыс даўамында  1 алтын,  1 гүмис ҳәм  3 қола медальды қолға киргизди.

Жерлесимиздиң қолға киргизген жетискенлиги менен қутлықлаймыз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы