«Пари Сен-Жермен» футбол клубының ҳүжимшиси Килиан Мбаппе 2017-жылдағы нәтийжелери ушын екинши мәрте Гиннес рекордлар китабына кирди.

9-май күни ол Чемпионлар лигасы ярым финалында «Монако» қурамында «Ювестус» дәрўазасына топ киргизип, лиганың ең жас ойыншысына айланды. Сол ўақытта Мбаппе 18 жаста ( ҳәм 140 күн) еди.

9-октябрьде 18 жастағы (ҳәм 293 күн) футболшы және усы категорияда «Алтын топ»тың жас рекордын көрсетти.