Елимизде барлық тараўлар қатарында мәденият ҳәм көркем өнер тараўын реформалаў, оны жетилистириў, материаллық-техникалық базасын беккемлеўге үлкен итибар қаратылмақта.

Усындай ийгиликли ислердиң нәтийжеси сыпатында усы жыл 25-август күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа имараттың ашылыў мәресиминде Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы ҳәм Жоқарғы Кеңес депутатлары, тараў хызметкерлери, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашып, Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, қолға киргизилип атырған табысларға тоқтап өтти.

1978-жыл 10-ноябрьде драматург К.Рахмановтың «Егленген бәҳәр» спектакли менен жумыс баслаған Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрының жәмәәти жаслардың театрға болған талабын қанаатландырыў, миллий қәдриятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм кейинги әўладқа жеткериў мақсетинде тынбай изленип, мийнет етип келмекте.

Илажда атап өтилгениндей, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын жаратыў мақсетинде кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Бул ислерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 1-августтеги «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарғы фактор болмақта.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов театр жәмәәтине Президент саўғасы «ДАМАС» автомобилиниң гилтин тапсырды.

Соң жыйналғанлар театр ишиндеги жаратылған қолайлықлар, жаңалықлар менен танысты. Әжайып сахна, дийўалларында миллийликти өзинде жәмлеген заманагөй дизайндағы көринислер көрген көзди қуўантады. Бул жерде тамашагөйлер ушын да, театр хызметкерлери ушын да барлық қолайлықлар жаратылған.

Жыйналғанларға байрам саўғасы ретинде усы күнге шекем театр сахнасында сахналастырылған спектакльлер тийкарында таярланған арнаўлы сахналық көринислер қойып берилди.

Театрдың жаңа имаратының ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)