Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы Нөкис қалалық ишки ислер бөлими менен биргеликте белгили бир жасаў орнына ийе болмаған 15 пуқараны жумыс пенен тәмийинледи. Буннан тысқары, олар биометрикалық паспортқа сүўретке түсирилип, кийим-кеншеклер менен тәмийинленди.

Бул пуқаралардың биометрикалық паспортлары ушын төлемлер Нөкис қалалық ҳәкимияты тәрепинен төлеп берилиўи нәзерде тутылған.

– Бизлер ушын оғада қуўанышлы ўақыя болды, – дейди Т.Сержанов. – Себеби, бизге жасаў орнына ийе болмаған адам деп қатнас жасамай, итибар қаратып, кийим-кеншеклер берип, жумыс және пуқаралық паспорт менен тәмиийнлеўди шөлкемлестирип атырғаны ушын тийисли шөлкемлерге шексиз миннетдаршылық билдиремен.

Илажларға ҚР Ишки ислер министрлиги Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасының баслығы, капитан Баҳрам Уббиниязов ҳәм Нөкис қалалық ИИБ баслығының орынбасары, подполковник Анвар Ситановлар қатнасты.

 

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы