17-июль күни Шымбай районы орайында музыкалы фонтан иске түсти. Фонтан түнги ўақытлары ҳәр қыйлы реңлерге дөнип, район халқының мәдений дем алыўында айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Фонтан жаңлап атырған музыка ырғақлары менен бирдей атылып, район халқына айрықша заўық бағышламақта.

Бул орын районның ең пайызлы орынларының бирине айланды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги