Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде еки күн даўамында «Түслик Аралбойы тәбият ресурсларын қорғаў ҳәм олардан үнемли пайдаланыў машқалалары» темасында VII халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти. Конференция биологиялық ресурслар, оларды қорғаў ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, сондай-ақ, аймақтағы биологиялық көп түрлиликти қорғаў сыяқлы әҳмийетли машқалаларға бағышланды.

Конференция жумысына Өзбекстанның, сондай-ақ, шет еллердиң алдынғы илимий орайларының, жоқары оқыў орынларының ҳәм басқа да шөлкемлериниң ўәкиллери, жас илимпазлар, докторантлар, стажёр-изертлеўшилер қатнасты.

Конференцияны шөлкемлестириў комитетиниң баслығы, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Президиумының баслығы, академик Н.Айымбетов алып барды.

Конференцияның пленар мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ Тәбийғый пәнлер илим-изертлеў институтының лаборатория баслығы биология илимлериниң докторы, профессор С.Мәмбетуллаева, Израил мәмлекетиндеги Түслик илимпазлар ассоциациясының вице-президенти профессор Александр Кравец, Москва мәмлекетлик университетиниң үлкен илимий хызметкери аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты Мария Коюшкова, Бухара мәмлекетлик университети Экология кафедрасының доценти, география илимлериниң докторы Ё.Ҳайитов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Түслик Аралбойы тәбийғый орталығының ҳәзирги жағдайы туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Жерден  пайдаланыўда тәбиятты қорғаўға итибар қаратқан ҳалда басқарыў машқалалары, биологиялық ресурсларды қорғаў, биологиялық көп түрлилик, тәбийғый орталық, суў экосистемалары, тәбияттан пайдаланыў, балық хожалығының сапасы, тәбийғый орталыққа антропоген тәсирдиң азайыўы ҳәм басқа да машқалалар бойынша алып барылған изертлеўлердиң тийкарғы нәтийжелери бойынша мағлыўматлар берилип, пикир алысыўлар болды.

Қарақалпақстан Республикасы районларының социаллық-экономикалық раўажланыў Концепциясы ҳәм басқа да сораўлар көрип шығылып, регионның тәбийғый орталығының жағдайын жақсылаў бойынша тийкарғы илажлар усыныс етилди.

– Конференцияның әмелий әҳмийети сонда Түслик Аралбойы аймақларының биоресурсларын  қорғаў ҳәм қайта тиклеў бойынша алып барылған илимий изертлеўлердиң нәтийжелеринен келип шыққан ҳалда әмелий усыныслар ҳәм көрсетпелерди бериў болып есапланады,-дейди академик Н.Айымбетов.

– Конференцияның және бир әҳмийетли тәрепи оның жумысына Өзбекстанның ҳәм шет еллердиң илимпазлары өзлериниң  үш жүзге шамалас илимий мақалалары, мийнетлери менен қатнаспақта.

Себеби, бүгинги күнде Арал кризисин ҳәм оның келтирип шығарып атырған унамсыз ақыбетлерин үйрениў илимпазлардың тийкарғы изертлеў объектине айланды. Өткен әсирдиң 60-жылларынан баслап-ақ бөлимимиз илимпазлары тәрепинен Түслик Аралбойы аймақларын үйрениў бойынша илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта. Соның нәтийжесинде илимпазларымыз Арал теңизи ҳәм Аралбойы тәбийғый аймақларының биологиялық режиминиң өзгерислерин көрсететуғын жүдә көп ҳәм ҳәр қыйлы материалларды топлады.

Конференция қатнасыўшылары «Биологиялық ресурслардың әҳмийетли машқалалары», «Топырақ, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў машқалалары», «Социаллық-экономикалық ҳәм геоэкологиялық машқалалар», «Биология ҳәм экология тараўында билим бериў машқалалары» атамасындағы мәселелер бойынша 4 секцияға бөлинип жумысын даўам еттирди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.